Футбол бойынша Англия Премьер-Лигасының 34-турынан орын алған бир қатар ойынлар 30-апрель, екшемби күни болып өтти.

Турдың орайлық ойыны “Ливерпуль” ҳәм “Тоттенҳем” клублары арасында болды. Мерсисайдлар ушырасыўдың дәслепки 15 минутында үш гол урған ҳалда, есапты ири көриниске келтирип алды. Буған мийманлар биринши бөлимде Ҳарри Кейнниң голы менен жуўап қайтарды.

77-минутта Сон Ҳён Мин арадағы парықты және қысқартты. Төреши тәрепинен қосып берилген ўақыттың үшинши минутында Ришарлисон есапты теңлестирди. Бирақ арадан бир минут өткеннен кейин Диогу Жота гол урды ҳәм “Ливерпуль”ға жеңисти алып келди.

“Ливерпуль” – “Тоттенҳем” 4: 3

Голлар: 1:0 – 3 Жонс, 2:0 – 5 Диас, 3:0 – 15, пеналти Салаҳ, 3:1 – 39 Кейн, 3:2 – 77 Сон Ҳён Мин, 3:3 – 90+3 Ришарлисон, 4:3 – 90+4 Диогу Жота.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги