Әмиўдәрья районындағы «Беруний» мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы районлық Кеңеси тәрепинен «Социаллық жәрдем раўажланыўға қарай жол ашыўы керек» атамасында акция шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

Акцияны өткериўден тийкарғы мақсет, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги, ҳуқықый, медициналық мәдениятын арттырыўға жәрдемлесиўден ибарат. Сондай-ақ, жәмийетлик бирге ислесиўшилер менен биргеликте шетки аймақлардағы социаллық жәрдемге мүтәж болған аналар ҳәм балалар ушын медициналық көриклерди өткериў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Акция шеңберинде «Беруний» МПЖдағы медициналық мәкемеде социаллық қорғаўға мүтәж болған аналар ҳәм балалар ушын медициналық көрик шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги