Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Жаслардың еркин турмысқа нық қәдем таслаўы, өз қәбилети ҳәм потенциалын толық көрсетиўи ушын шараятларды кеңейтиў, олардың бәнтлигине жәрдемлесиў, турақлы жумыс пенен ҳәм мүнәсип дәрамат алыўын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў мақсетинде:

  1. 2023-жыл 1-майдан баслап 2025-жыл 1-майдан баслап 2025-жыл 1-январьға шекем жумыс бериўшилерге (бюджет шөлкемлери, мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған юридикалық тәреплер, сондай-ақ, социаллық салықты 1 процент ставкада төлеўшилер буған кирмейди) олар тәрепинен 25 жастан аспаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасы Мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Бунда, социаллық салық суммасы жас хызметкерлер алты ай даўамында үзликсиз мийнет жолын әмелге асырыў шәрти менен жетинши айдан баслап қаплап бериледи.

  1. Жумыс бериўшилерге социаллық салық суммасының қаплап берилиўи 2023-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджеттен Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына ажыратылатуғын трансфертлер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2024-жыл ҳәм 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде социаллық салық есабаты артып баратуғын жуўмақ пенен ҳәр айда есабат дәўиринен кейинги айдың 15-сәнесинен кешиктирмей тапсырылыўын есапқа алып, 2024-жыл ҳәм 2025-жылдың I шерегинде жумыс бериўшилерге социаллық салық суммасын қаплап бериў қәрежетлерин бөлек қатарда режелестириўди нәзерде тутсын.
  3. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы Пәрманның мақсет және ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
  4. Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 24-июльдағы «Жумыс бериўшилерге олар тәрепинен 25 жастан артпаған хызметкерлер ушын төленген социаллық салық суммасын мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы ўақтынша режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 460-санлы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 26-апрель