Бүгинги күнде халқымыздыӊ абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында кеӊ кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Дүнья еллериндеги болып атырған ҳәр қандай кеўилсиз ўақыяларға, жат иллетлердиң өршиўине қарамай исбилермен, дийқан, шарўа, қурылысшы – барлық тараўды меӊгериў ҳәм ѳзлестириўге болған қызығыўшылығымыз артып, дәрамат табаман деп ҳәрекет етип атырған пуқараларымыздыӊ шаӊарақлары қатықтай уйып, ѳмирге деген сүйиспеншилиги артпақта.

Мине, усы қатарда халқымыздыӊ аўызбиршилигин, миллетлераралық татыўлықты, шаӊарақлардағы аўызбиршиликти тәмийинлеўде аўыл ҳәм кѳше бийлериниӊ тутқан орны айырықша.

Бул бағдарда «Еркин Қарақалпақстан» газетасыныӊ 2022-жыл 6-октябрь күнги 120-санында жәрияланған Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниӊ орынбасары М.Бабаниязовтыӊ «Кѳше бийлигине итибар қаратылса» мақаласын оқып шығып, менде де базы бир пикирлер пайда болды.

Ҳақыйқатында да, неше әсирлик салт-дәстүрлеримиз, үрп-әдетлеримиз бүгинги күнге шекем сақланып, пуқараларымызды мийирим-шәпәәтлик руўхында тәрбиялаўда ѳз орнына ийе.

Сол қатары, басқа ҳеш бир жерде ушыраспайтуғын Қарақалпақстан халқыныӊ және бир дәстүрий басқарыў институты – аўыл ҳәм кѳше бийлери елимиздиӊ ең ески ҳәм сыналған жәмийетлик кеӊес түри есапланады.

Бул халықлық баслама түриниӊ айрықшалығы соннан ибарат, бийлердиӊ сайланыўы мәмлекетлик басқарыў уйымлары араласпайтуғын бирден бир институт болып табылады. Ҳеш ким тәсир кѳрсете алмайтуғын, «мына адам аўыл яки кѳше бийи болады», – деп ҳеш кимди мәжбүрлей алмайтуғын, халықтыӊ қәлеўи менен болатуғын нағыз демократиялық баслама екенлигин толық исеним менен айта аламыз.

Солай екен, аўыл ҳәм кѳше бийлери ѳзлериниӊ турмыслық тәжирийбеси, ақыл-парасаты, жети өлшеп бир кесиўи, шѳлкемлестириў ҳәм басқарыў қәбилетине ийе болыўы менен ажыралып, сол аўылдыӊ ямаса кѳше турғынларыныӊ қәлеўи менен тән алынған шахс есапланады.

Хош, бул институтты кеӊнен ен жайдырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў керек пе? Әлбетте, ѳмирде ушырасатуғын азы-кем қыйыншылықларына тѳтепки бере алмай атырған, нәрестелериниӊ кѳз жасын нәзерге де илмей атырған ямаса қандай да бир мақсетти гѳзлеп, обал-саўапқа қарамастан, бес күнлик мәсликтиӊ себебинен жар жағасына келип қалған жас шаӊарақлар қанша? Мине, буларды ким ақылландырады? Ким нәсият береди? Кимниӊ сѳзин тыӊлайды? Айланып келгенде «қой балам, буныӊ жѳнсиз болады»ны айтатуғын да усы кѳше ҳәм аўыл бийлери.

Бул ѳмирде қуўанышлы ҳәм қайғылы демлер де болып турады. Усы мерекелерди жайғастыратуғын да, ўазыйпаларды бѳлистирип берип, «сизиӊ үйге Қоӊыраттан келген дайылары киреди» дегенде, «яқ мен той бергенде бул үй қонақ алмады, мен де алмайман» десе, «ондай деме, имканияты болмаған шығар, алдыӊда тойыӊ кѳп, сонда күтер» деп ақылландыратуғын да усы бийлер емес пе?

Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаевтыӊ бул институтты қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги бойынша Президентке усыныс киргизип, Қарақалпақстанлы бир қатар кѳше бийлери мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен хошаметленген еди.

Мен бул ийгиликли ислерди баслама етип кѳтергени ушын Жоқарғы Кеӊес Баслығына миннетдаршылығымды билдиргим келеди. Себеби бийлик тарийхына нәзер салсақ, усы күнге шекем бул басқарыў түри жетерли изертленбеген.

Бүгин бул институт қоллап-қуўатланар екен, айырым адамлар бул исимизге жағымсыз пикир билдиргенине кеўилим қабарды. “Биз бундай емеспиз, кеўлимиз жеримиздей кеӊ халықпыз, күнлеў, кѳре алмаслық бизге жат емес пе?” – деп иш-ишимнен ойланаман. Елимизде ҳеш ким итибардан шетте қалмай атырған болса. Ким қандай кѳзқарас пенен пикир айтса да мен мәҳәлле системасындағы усы бийлер институтын ҳәрдайым қоллап-қуўатлайман.

Тиккелей ѳзим усы кѳше бийлери менен ѳткерилген ушырасыўларда қатнастым. Мени таӊ қалдырғаны, ҳақыйқатында да, турмыслық ҳәм ис тәжирийбесине ийе болған бул инсанлар жеке мәпи ушын емес, ал тек ғана ѳз кѳшесиниӊ машқаласын, мәҳәллесин, районын, Қарақалпақстанымызды раўажландырыў бойынша усыныс ҳәм пикирлерин, машқалалы мәселелерди тартынбастан айтып, республикамыз басшылығының алдағы әмелге асыратуғын жумысларына жол-жоба, ис-реже болды десем қәтелеспеген боламан.

Мине халық пенен пикирлесиў, бирге ислесиў, халықшыл сиясат жүргизиў қандай болады?! Ҳәр бир елим, халқым деген басшы усы тәртипте жумысын ислеў керек.

Усы орында «Жигит болсаӊ арысландай туўылған, хызмет еткил удайына халық ушын» -деген Бердақ бабамыздыӊ қосық қатарлары ҳәр биримиздиӊ ойымыздан ѳтиўи сѳзсиз. Өзбекстан қаҳарманы, Халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» роман-эссесин қайта оқып шығып, ондағы көше бийлериниң пазыйлетлери, олардың тапқырлығын, қара қылды қақ айырған данышпанлығын зейнимизге илсек артықмашлық етпес, деп айтқым келеди.

Бул институт ҳаққында алдағы ўақытлары жас изертлеўшилеримиз бул бағдарда унамлы жумысларды, жаӊа басламаларды алға сүреди деп исенемен.

Бийлик етиў ҳәммениӊ қолынан келе бермейди, обалыда саўабыда сол бийдиӊ мойнында, қатты жуўапкершиликли ўазыйпа.

Пикириме қосыласызба?

Шарап Өтемисов,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы

Кеңесиниң комитет баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги