Кейинги еки ҳәпте даўамында Ташкентте бир емес, үш халықаралық абырайлы жарыс болады.

Усы жылдың 27-30-апрель күнлери жеңил атлетика бойынша жаслар арасында континент чемпионаты, 29-апрель – 5-май күнлери оқ жайдан атыў бойынша Азия кубогиниң екинши басқышы, 30-апрель – 14-май күнлери болса бокс бойынша ер адамлар арасында жәҳән чемпионаты пайтахтымызда болып өтеди.

Хош, бул жарысларға таярлық жумыслары қалай алып барылмақта? Министрлер Кабинети тәрепинен ислеп шығылған мәжилис протоколлары, «жол карталары»ның орынланыўы белгиленген ўақытта тәмийинленип атырма?

Бүгин жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адҳам Икрамовтың қатнасыўында шөлкемлестирилген мәжилисте усы мәселеде сөз болды.

Бул чемпионатлар елимизде 30-апрель күни өткерилип атырған улыўма халықлық референдум менен бир ўақытқа туўра келип атырғаны, жарысларды бир қатар сырт еллердиң дипломатлары, рәсмий ўәкиллери Ташкентте  бақлайтуғынын атап өтип, жарысларға байланыслы барлық мәселелерге айрықша итибар қаратыў керек екенлигин билдирди.

Бул чемпионатлар Жаңа Өзбекстанның спорт имканиятын халықаралық майданда көрсете билиўде әҳмийетли фактор болып есапланады. Додалаўлар даўамында Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Ойбек Қосимов, мәмлекет бокс федерациясы баслығының биринши орынбасары Сакен Полатов, федерация жуўапкерлери, Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплериниң ўәкиллери, ҳуқық-қорғаў уйымының хызметкерлери өз пикир-усынысларын айтып өтти.

Ушырасыў жуўмағында ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкерлерге тийисли ўазыйпалар белгиленип, жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша көрсетпелер берилди.

Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы