Соңғы жыллары Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде «Инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин», «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек», деген халықшыл идеялар тийкарында халық хожалығының барлық тараўларында түпкиликли реформалар жүргизилмекте.

Әсиресе,  Президентимиздиң  исбилерменлик тараўын еле де раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине барлық қолайлы шараят ҳәм имканиятларды жаратып бериў бағдарындағы қабыл еткен пәрман ҳәм қарарларының нәтийжесинде,  Өзбекстанда исбилерменлер жетекши ҳәм шешиўши күшке айланды.

Елимиз басшысы  белсенди исбилерменлер менен  ушырасыўында «Биз бәрқулла изленип, жаңалыққа умтылып  жасайтуғын исбилерменлеримизди өз исине пидайы ҳәм жанкүйер, Ўатанын сүйиўши инсанлар, деп билемиз ҳәм оларды қәдирлеймиз» – деп айрықша атап өткен еди. Бүгинги күнде истиң көзин билген исбилерменлердиң саны күннен-күнге көбейип, елимиздиң экономикалық турақлылығы да раўажланып атыр.

Ҳақыйқатында да, экономикалық раўажланыўды исбилерменлик,  фермерлик,  киши бизнессиз көз алдымызға келтириў қыйын әлбетте. Халқымыз арасында исбилерменлик пенен шуғылланып атырған жасларымыз көпшиликти қурайды.

Нөкисли жас исбилермен Бахтияр Абдимуратов та өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде кишигирим нан өнимлерин писиретуғын цехты иске түсирген еди.  Ол Нөкис қаласындағы 21-киши район Туңғыш қоныс мәҳәллесинде  өз жумысларын алып бармақта.

– Дерлик төрт жылдан берли халыққа  нан өнимлерин таярлап, ислеп шығарыўда  хызмет етип келмектемиз,- дейди нөкисли жас исбилермен  Бахтияр Абдимуратов.

Нан өнимлери цехын жолға қойыўдан алдын усы кәсиптиң сырларын үйрениў мақсетинде исбилермен ағаларыма шәкиртликке түсип, үйрендим. Нан цехын иске түсирерде банктен жеңиллетилген  кредит  алдым. Ҳәр қандай кәсиптиң өзине жараса кыйыншылығы болғанындай, дәслеп цехты жүргизиўде бираз  қыйыншылықлар  болды. Кейин ала әсте-әсте бул кыйыншылықларды жеңиўге ҳәрекет етеди екенсең. Ҳәзирги күнде  цехта шаңарақ ағзаларымнан тысқары жумыссыз отырған 5 жастың бәнтлиги тәмийинленди.

Ҳәр күни буйыртпалар тийкарында халқымызға сапалы нан өнимлерин таярлап, кафе, тойхана ҳәм дүканларға, халқымыздың жақсы күнлерине хызмет етип келмектемиз.

Халқымыздың  дастурханын толтырыўды нийет  еткен жас исбилерменниң алдағы режелери ҳәм мақсетлери  еле алдында.

 Айгүл Абатниязова,

ҚМУ Мәлимлеме хызмети бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги