Жаңаланып атырған Конституцияға байланыслы өткерилиўи режелестирилген референдумға да санаўлы  күнлер қалды. Референдум алдынан усы тийкарғы нызамымызға бағышланған ушырасыў Хожели районындағы   Қумжыққын, Колап  АПЖ ҳәм 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болып өтти.

Онда  Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы  ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы М.Ибрагимов, үгит-нәсият топары ағзалары ҳәм басқалар тәрепинен Конституциямызға  киргизилип атырған өзгерислер ҳәм нормалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Усы жыл 30-апрель күни мәмлекетимизди әҳмийетли сиясий процесс күтип турғанлығы, бул сиясий процесс тек даўыс бериў емес, ал халқымыздың турмысындағы жаңа бетти ашыўға болған умтылыс екенлиги айрықша атап өтилди. Себеби, жаңаланып атырған Конституцияда пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин корғаўдың дәрежеси бир неше есеге артпақта.

Атап айтқанда, Конституциямыздың 50-статьясында ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе екенлиги көрсетип өтилген. Мәмлекет үзликсиз билимлендириў системасы, оның ҳәр кыйлы түрлери ҳәм формалары, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң раўажланыўын тәмийинлейди. Мәмлекет мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияны раўажландырыў ушын шараятлар  жаратады.  Мәмлекет бийпул улыўма орта билимлендириў ҳәм басланғыш профессионал билим  алыўға кепиллик береди. Улыўма орта билимлендириў мәжбүрий болып табылады. Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия, улыўма орта билимлендириў мәмлекет қадағалаўында болады. Билимлендириў шөлкемлеринде айрықша билим мүтәжликлерине ийе болған балалар ушын  инклюзивлик билим ҳәм тәрбия тәмийинленеди.

Ушырасыўда тийкарынан жаслар ҳәм билимлендириў тараўына киргизилип атырған өзгерислер туўралы, атап айтқанда 50, 51, 52, 53, 78, 79-статьялар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.


 

Наргиза Аяпова,

ҚМУ Мәлимлеме хызмети бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги