Жаңаланып атырған Конституцияның мазмун-мәниси медицина тараўы хызметкерлерине де түсиндирилип, үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта. Гезектеги ушырасыў Хожели районындағы 3-санлы шаңарақлық поликлиникада өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы М.Ибрагимов, үгит-нәсият топарының ағзалары Конституциямызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормалар, тийкарынан медицина тараўында жеңилликлер жаратыў бойынша мәмлекеттиң өз мойнына алып атырған миннетлемелери туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап айтқанда, Конституцияның биринши статьясында Өзбекстан социаллық мәмлекет, деп жәрияланбақта. Мәмлекеттиң социаллық минетлемелерине байланыслы нормалар дерлик үш есеге көбеймекте. Халыққа кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыў да жаңаланып атырған Конституция жойбарына киргизилген.
Сондай-ақ, жойбарда халықтың денсаўлығын қорғаўға байланыслы нормалар төрт есеге көбейтилмекте. Бул халықтың денсаўлығын исенимли қорғаў, аналар ҳәм балалар өлими, жуқпалы кеселликлер қәўипин сапластырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, майыплығы болған инсанлардың мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўын нәзерде тутатуғын қағыйдалар да жетилистирилди.
Усы мазмундағы үгит-нәсият илажлары райондағы 49 ҳәм 51-санлы шаңарақлық поликлиникаларда да өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги