Жаңаланып атырған Конституцияға бағышланған үгитнәсият илажы Тахтакөпир районының Даўытсай мәкан пуқаралар жыйынында да болып өтти.

Бул жерде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, үгит-нәсият топарының ағзалары аймақтағы нураныйлар менен ушырасып, бас нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормалар туўралы мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, Конституциямыздың 65 проценти жаңаланбақта. Әмелдеги 128 статьядан 91 статьяға концептуал өзгерислер киргизилмекте. Конституцияның стаьялары 128 ден 155 ке, оның нормалары 275 тен 434 ке көбеймекте.

Социаллық мәмлекеттиң әҳмийетли бир белгиси сыпатында мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз баслы кекселер, майыплығы болған инсанлар ҳәм халықтың басқа да жәрдемге мүтәж қатламларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўы белгиленбекте. Атап айтқанда пенсия, напақа ҳәм басқа да социаллық жәрдемлердиң муғдары ең кем тутыныў қәрежетлеринен аз болыўының мүмкин емеслиги белгиленбекте.

Усы мазмундағы үгит-нәсият илажлары районның Қоңыраткөл, Белтаў аўыл пуқаралар жыйынларында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги