Өзбекстан дүньядағы қумшекерден пайдаланыўда орташа болған мәмлекетлер қатарына киреди. Бул ҳаққында Landgeist  хабар берди.

“Европа ҳәм Арқа Америка халқы дүньяда қумшекерден ең көп пайдаланатуғын халық болса-да, айырым Азия, әсиресе, Жақын Шығыс мәмлекетлери де қумшекерден ең көп пайдаланатуғын мәмлекетлер болып есапланады”, — делинеди хабарда.

Мағлыўматларға бола, Бахрейн (44,3 килограмм ) халықтыӊ жан басына қумшекерден пайдаланыў бойынша Азияда биринши орында турады ҳәм дүньядағы ең жоқары көрсеткишке ийе мәмлекетлерден бири болып табылады. Ливан (43,4 килограмм ) ҳәм Малайзияда (41,6 килограмм ) да қумшекерден пайдаланыў жүдә жоқары.

Ең төмен көрсеткишлер Мианма (2,9 килограмм ), Арқа Корея (4,5 килограмм ) ҳәм Бангладеште (6,3 килограмм ) белгиленген.

Өзбекстанда болса жылына халықтыӊ жан басына 17,8 килограмм қумшекерден пайдаланады. Бул көрсеткиш бойынша мәмлекет Түркменстан (18,7 килограмм ), Тәжикистан (16,8 килограмм ) ҳәм Япония (17,2 килограмм ) менен бир қатардан орын алған.

Қумшекер глюкоза формасында тез энергия береди, ол организмге тез ас сиңиреди ямаса кейинирек пайдаланыў ушын сақланады. Бул азық-аўқат ҳәм ишимликлер дəмине  тәсир етеди. Соның менен бирге, қумшекерди ҳәдден тыс көп пайдаланыў денсаўлық ушын бир қатар унамсыз тәсирлерге, мысалы, салмақтыӊ артыўы, тислердиң ыдыраў қәўипи артыўы ҳәм қанда қумшекер муғдарының көбейиўи, ақыбетинде 2-категория диабет жүзеге келиўи сияқлы айырым жуқпалы кеселликлерге алып келиўи мүмкин.

Өзбекстанда қумшекер өниминиӊ резерви

Ишки базарды қумшекер өними менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде жергиликли қумшекер өндириўшилер тәрепинен өндирис қуўатлықларын модернизациялаў жумыслары алып барылмақта ҳәм биринши басқышында (1-майға шекем) қумшекер ислеп шығарыў қуўатлықларын өткен жылға салыстырғанда 25 процентке асырыў, нәтийжеде суткасына 2,5 мың тоннаға шекем қумшекер ислеп шығарылыў жобарластырылған. Онда, жыллық қумшекер ислеп шығарыў 600 мың тоннадан 1 миллион тоннаға шекем артыўы күтилмекте.

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардыӊ ҳуқықларын қорғаў комитетиниӊ мағлыўматына бола, республика халқын жеткиликли муғдарда ҳәм мақул түсетуғын баҳаларда қумшекер ҳәм ун өнимлери менен тәмийинлеў бойынша ҳүкимет тәрепинен зәрүр илажлар көрилген.

Бүгинги күнде халыққа қумшекер 11 500—14 000 сумнан, айырым алыс аймақларда 12 000—15 000 сумға шекем усақлап сатыў баҳаларда реализацияланбақта.

 

Уразбаева Гулхатиша,

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги