Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева «Өзбекстанда Шуша қаласының күнлери» мәдений илажында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Түркий мәденият ҳәм мийрас халықаралық фондының президенти Гюнай Эфендиеваны қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң сутрктуралары менен бирге ислесиўи, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды және де раўажландырыў мәселелери тәреплердиң дыққат орайында болды.

Соның ишинде, Сенат Баслығы мәмлекетлер аралық қатнасықлардың әҳмийетли бағдары сөзсиз мәдений-гуманитарлың тараў екенлигин, Түркий мәденият ҳәм мийрас халықаралық фондының түркий халықлар мәденияты ҳәм мийрасын қәстерлеп сақлаў, тиклеў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған жумысын жоқары баҳалайтуғынын атап өтти. Өзбекстан Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм оның қәнигелестирилген институтлары менен турақлы бирге ислесиўди раўажландырып атырғаны атап өтилди.

Өз гезегинде, Түркий мәденият ҳәм мийрас халықаралық фондының президенти шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Әзербайжан – Өзбекстан қатнасықлары ҳәзирги күнде ҳәр қашанғыдан жоқары дәрежеге көтерилгенине айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, Гюнай ханым Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде Өзбекстан тәрепинен алға қойылып атырған басламаларды жоқары баҳалады.

Сөйлесиў ўақтында усы жылы Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкемине басшылығы шеңберинде қырққа шамалас, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық бағдарда илажлар өткериў режелестирилгени, онда бирге ислесиўдеги баслама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда фондтың қатнасыўына да итибар қаратылды.

Ушырасыў соңында еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды және де кеңейтиў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА