«18-апрель – Халықаралық  естеликлер
 ҳәм тарийхый орынларды сақлаў күни» 

1972-жылы октябрь айында ЮНЕСКО ның Париж қаласында болып өткен симпозиумында  Мәдений ҳәм тәбийғый мийрас естеликлерин қорғаўға алыў ҳаққында резолюция қабыл етилди. 1983-жылы БМШ тәрепинен 18-апрель -Халықаралық  естеликлер ҳәм тарийхый орынларды сақлаў күни деп белгиленди. 2003-жылы  ЮНЕСКОның  материаллық емес мәдений мийрасларды қорғаўға алыў ҳаққында қарар шығарды.

1993-жылдан баслап  Өзбекстан Улыўма жәҳән мәдений ҳәм тәбийғый мийрасты қорғаўды тәмийинлеў ҳаққындағы БМШтың Конвенциясына ағза болды.

Өзбекстан Республикасында  усы ҳүжжет тийкарында әййемги естеликлерди үйрениў, қайта тиклеў бойынша кең көлемли илимий изертлеў жумыслары алып барылып, олар туризм орынларына айландырылмақта.

Конвенцияның 2-ши бөлими: «Мәдений ҳәм тәбийғый мийрасты Миллий қорғаўға алыў ҳәм Халықаралық қорғаўға алыў» деп аталып, оның 5-статьясы Конвенцияға ағза-мәмлекетлер жәмийетлик турмыста тәбийғый ҳәм мәдений мийрасларға белгили бир функцияларды бекитиўге ҳәм усы мийрасларды қорғаў мәселесин мәмлекеттиң улыўма жойбарластырыў бағдарламаларына киргизиўге қаратылған сиясатын алып барады.

– Өз аймағында мәдений ҳәм тәбийғый мийрасларды қорғаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша қарамағында тийисли персонал ҳәм қәрежетке ийе болған бир ямаса бир неше шөлкемлерди дүзеди.

– Мәмлекет тәрепинен мәдений ҳәм тәбийғый мийрасларға қәўип туўдыратуғын жағдайлардың алдын алыў бойынша илимий-техникалық изертлеў жумысларын ҳәм олардың жаңа усылларын ислеп шығыўды раўажландырып барады.

– Мийрасларды анықлаў, қорғаў, сақлаў, ғалаба ен жайдырыў ҳәм оларды тиклеў мақсетинде тийисли юридикалық, илимий, техникалық, административлик ҳәм қаржыландырыў шараларын көреди.

– Мәдений ҳәм тәбийғый мийрасларды қорғаў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў тараўы бойынша кадрларды таярлап шығарыўшы жергиликли ямаса миллий орайларды шөлкемлестириўге яки оларды раўажландырыўға ҳәм усы бағдарлардағы илимий жумысларды қоллап-қуўатлаўға жәрдемлеседи.

Мәмлекетимизде  материаллық-мәдений ҳәм  археологиялық мийрас объектлерин тәртипке салыўда тийкарға  бас  ҳүжжет  бул  Өзбекстан Республикаси Конституциясы есапланады. 1992-жыл 8-декабрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының  49-статьясында, Пухаралар  Өзбекстан  халқының тарийхый, руўхый   ҳәм мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў мәжбүр. Мәдений   естеликлер  мәмлекет қорғаўында делинген.

Археологиялық мийраслар ҳаққындағы  нызамшылықларда төмендеги түсниклер берилген:

Ансамбльлер – тарийхый қəлиплескен аймақта анық көзге тасланатуғын,  əтирап көриниси менен улыўмалылығы ямаса байланыслылығы тарийхый, археологиялық, архитектуралық, эстетикалық яки социаллық-мəдений қунлылыққа ийе болған, жəмийетлик, архитектуралық, диний, илимий, билимлендириў, фортификациялық, сарай, турақ жай, саўда, өндирислик, ҳəм басқа да əҳмийетке ийе ҳəм сүўретшилик, мүсиншилик, əмелий безеў көркем өнери, архитектуралық шығармалар менен байланыслы ҳалда өз алдына ямаса өз-ара биргеликте турған естеликлер, имаратлар ҳəм қурылмалар топарлары, сондай-ақ, мəканлардың тарийхый жоба сызылмаларының ҳəм жай-имаратлардың қалдықлары, ландшафт архитектурасы ҳəм бағ-парк көркем өнери шығармалары;

Дыққатқа ылайықлы орынлар – инсан ҳəм тəбият дөретиўшилигиниң биргеликтеги туўындылары, сондай-ақ тарийхый, археологиялық, қала қурылысы, эстетикалық, этнологиялық яки антропологиялық əҳмийетке ийе болған аймақлар, соның ишинде халық өнерментшилиги жайласыў орынлары, тарийхый орынлардың ямаса қалалардың қурылыўы, жоба сызылмалары ҳəм үй-имаратлары жайласқан орайлар, тарийхый, (соның ишинде əскерий) ўақыялар, естеликлер, уллы тарийхый тулғалардың турмысы менен байланыслы болған имаратлар, естелик орынлары, тəбийғый ландшафтлар, сондай-ақ, ески қалалар, гөне қалалардың орынлары, мəканлар жəне имаратлардың мəдений қатламлары, қалдықлары, мəресимлер атқарылатуғын орынлар;

Естеликлер – тарийхый, илимий, көркем ямаса өзгеше мəдений əҳмийетке ийе болған айырым имаратлар, жайлар ҳəм қурылмалар, оларға байланыслы  сүўретшилик, мүсиншилик, əмелий безеў көркем өнер шығармалары ҳəм усы имаратлар, жайлар, қурылмалардың тарийхый қəлиплескен аймақлары менен бирге, мемориал үйлер, квартиралар, қойымшылықлар, мақбаралар ҳəм айырым қəбирлер, монументал көркем өнер дөретпелери, илим ҳəм техника объектлери, антропология, этнография, нумизматика, эпиграфика, картография, фотография материаллары, кинофильмлер, аудио-видео жазыўлар ҳəм басқа да усылдағы жазыўлар, əдебият ҳəм көркем өнер шығармалары, архивлик, қолжазба ҳəм сызылма ҳүжжетлер, ески қолжазба китаплар, ҳəрип териў усылында шығарылған дəслепки китаплар, антиквар ҳəм сийрек басылымлар, ноталар, реликвиялар (муқаддес буйымлар) ҳəм мемориаллық өзгешеликке ийе болған затлар, тас естеликлер, жартасқа ойып салынған сүўретлер, археологиялық естеликлер;

мəдений мийрас объектлери – материаллық ҳəм материаллық емес мəдений мийрас объектлери;

материаллық мəдений мийрас объектлери – тарийхый, илимий, көркем яки басқа да мəдений əҳмийетке ийе болған ансамбльлер, дыққатқа ылайық орынлар ҳəм естеликлер;

материаллық емес мəдений мийрас объектлери – тарийхый, илимий, көркем яки басқа да мəдений əҳмийетке ийе болған үрп-əдетлер, халық дөретиўшилиги , сондай-ақ, олар ҳəм халық көркем өнерментшилиги ҳəм əмелий көркем өнери менен байланыслы билимлер, көнликпелер, əспаб-үскенелер, артефактлар, мəдений орынлар киреди делинген.

Археолог – тийисли жоқары мағлыўматқа ийе болған изертлеўши;

Археологиялық предметлердиң мəмлекетлик каталоги – ҳəр бир археологиялық предмет ҳаққындағы тийкарғы мағлыўматлар орын алған есапқа алыў ҳүжжети;

Өзбекстан Республикасында  “Мәдений мийрас обектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳақкында” (2001-жыл 30-август), “Археологиялық мийрас обектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳақкында” (2009-жыл 16-июнь Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Материаллық мәдений ҳәм археологиялық мийрас обектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында”ғы  2018-жыл 16-январьдағы Ф-5181-санлы пәрманында көрсетилген тапсырмалар ҳәм  ўазыйпалар,     Өзбекстан  Республикасы  Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-январь күни  2018-2023-жылларда материаллық-мәдений ҳәм археологиялық мийраслар есапланған обектлерди қорғаў, сақлаў, илимий-изертлеў, үгит-нәсиятлаў ҳәм олардан пайдаланыўды түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған комплексли илажлар бағдарламасы,  Өзбекстан  Республикасы  Президентиниң     “Материаллық мәдений мийрас обектлерин корғаў тараўы хызметин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы  2018-жыл  19- декабрьдеги  ПҚ-4068-санлы  қарарлары қабыл етилди.

Усы қарарлар тийкарында археология илимин раўажландырыўдың жаңа концепциясы ислеп шығылды. «Концепцияда» Өзбекстанның дүнья цивилизациясындағы орны, дүнья мәдениятына қосқан үлеси археологиялық қазып изертлеў нәтийжелери тийкары сыпатланған; Концепцияда археология илиминиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленген. Сондай ақ, усы ҳүжжетлер тийкарында Археология тараўын басқарыў ҳәм жаңа илимий орайларды дүзиў, жаңа илимий  жумысларды алып барыў бағдарлары белгиленген.

 

                                      Аңсатбай Алимбетов,

Бердақ атындағы ҚМУ,  Археология

кафедрасы оқытыўшысы, (PhD)

Қарақалпақстан хабар агентлиги