Нөкисте «Исбилермен ҳаял» Өзбекстан Исбилермен Ҳаял-қызлар бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан Республикасы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети менен биргеликте «Исбилерменлик тийкарлары» атамасында үш күнлик тренинг курсын өткерди.
Илаждың мақсети – Нөкис қаласындағы «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 2-басқышына киргизилген ҳаял-қызлардың исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм экономикалық имканиятларын кеңейтиўден ибарат.
Илаж Президентимиздиң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин және де күшейтиў ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 11-августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет өнимдарлығын арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Семинар-тренинглер «Исбилермен ҳаял» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен қаржыландырылып, быйылғы жылдың апрель-июнь айларында өткерилиўи режелестирилген. Нәтийжеде 185 социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар басланғыш финанслық саўатлылық ҳәм исбилерменлик көнликпелерине ийе болады.
Нөкис қаласындағы семинар-тренингти тамамлаған ҳаял-қызларға сертификатлар тапсырылды ҳәм жеңилликли кредит алыўға усыныс етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги