Пуқаралық ислер бойынша Беруний районлар аралық судыныӊ 2016-жыл 5 июльдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып қарыздар К.Ж.дан өндириўши А.Абдираманованыӊ пайдасына оныӊ тәрбиясындағы жас өспирим 3 перзентиниӊ тәмийнаты ушын алимент өндириў белгиленген.
Бул орынлаў ҳүжжети Бюроныӊ Елликқала районы бөлиминиӊ ис жүргизиўинде усы жылдыӊ 10-январь күни келип түскен ҳәм орынлаў иси жүргизиўи қозғатылған. Орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздар К.Ж. тәрепинен алимент напақасы айма-ай төленип келинген ҳәм усы жылдыӊ апрель айында Бюро бөлимине келип алдыннан төлеў тилегин билдирди.
Усы себепли, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен Өзбектсан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 6-октябрьдеги “Алиментлерди алдыннан төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетлерин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына муўапық 5-жыллық алимент пулы МОБ-портал бағдарламасы арқалы есапланды ҳәм қарыздар К.Ж. тәрепинен жәми 111,2 миллион сум алдыннан төлеп берилди.
Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,
ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги