13-апрель күни Самарқанд қаласында Өзбекстан тәрепиниң басшылығында Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер министрлериниң төртинши ушырасыўы болып өтти. Илажға Өзбекстан, Иран, Пакистан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қытай сыртқы сиясат уйымларының басшылары қатнасты.

Форум даўамында тәреплер Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай, усы мәмлекеттиң әмелдеги рәсмийлери тәрепинен дүнья жәмийетшилигиниң инклюзив ҳүкимет дүзиў, аўғанстанлы ҳаял-қызлардың мийнет етиў ҳәм билим алыў имканиятын сондай-ақ, миллий азшылықтың ҳуқықларын тәмийинлеў сыяқлы тийкарғы талапларының орынланыўы додаланды.

Аўғанстан халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиў ҳәм мәмлекеттиң миллий экономикасын тиклеўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлер механизмин ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы регионаллық өз-ара байланыслылықтың тийкарғы факторы сыпатында Аўғанстанның потенциалын жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.












Усы көзқарастан, тәреплер Аўғанстан аймағында қоңсы мәмлекетлердиң қатнасыўында тек ғана жаңа жумыс орынларын жаратыў емес, ал мәмлекеттиң регионаллық экономикалық процесслерге және де жедел интеграцияласыўға хызмет етиўши инфраструктура ҳәм социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыў тәрепдары екенлигин билдирди.

Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер министрлери ушырасыўының жуўмақлары бойынша Самарқанд деларациясы қабыл етилди.

Форум илажлары шеңберинде Өзбекстан сыртқы ислер министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Бахтиёр Саидов Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Пакистан сыртқы ислер мәмлекетлик министри Ҳина Раббоний, Иран сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллаҳиён менен ушырасыўлар өткерди.

Сондай-ақ, Өзбекстан сыртқы ислер министрлигиниң жетекшиси, 14-апрель күни өткерилетуғын Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын Самарқандқа келген Беларусь Республикасы сыртқы ислер министри Сергей Алейник, ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев пенен ушырасты.

Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекетлер арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы