Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Республикалық көзи әззилер китапханасы, Нөкис қалалық имканияты шекленген шахслар ушын (көзи әззилер) мәденият орайы тәрепинен Қарақалпақстан халық бақсысы, марҳум Әмет бақсы Тарийхов туўылғанының 100 жыллығына бағышланған «Бәлент лапызлы бақсы» атамасында әдебий-музыкалы ушырасыў кешеси өткерилди.
Онда кең жәмийетшилик ўәкиллери, халқымыздың ҳүрметине ерискен шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери, бақсылар, Көзи әззилер жәмийетиниң ағзалары қатнасты.
Илажда Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шарапов, бақсылар У.Шамуратов, Ғ.Өтемуратов ҳәм басқалар қарақалпақ халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң жетик ўәкили, халық бақсысы Әмет Тарийхов туўылғанының 100 жыллығы елимизде кең түрде белгиленип ҳәм оның мийрасы усы күнге шекем сақланып, изертленип атырғаны миллий бақсышылығымызға қаратылып атырған итибардың бир үлгиси екенлигин атап өтти. Илаж даўамында көзи әззилер мәденият орайының халық сазлары дөгереги ағзалары халық дәстанларын ҳәм қосықларын атқарды.
– Бүгинги жаңаланып атырған Өзбекстанымызда халқымыздың миллий мийрасын қәстерлеп сақлаў, келешек әўладларға жеткериў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди Көзи әззилер мәденият орайы Халық сазлары дөгерегиниң басшысы Зульфия Бекназарова. –Бүгинги илаж да усы мақсетке хызмет етеди. Жақында сәне мүнәсибети менен кең көлемли таңлаў өткерилип, онда орайымыз ағзасы Азат Сейилханов сыйлы орынды ийеледи.
Қырқ жылдан аслам ўақыт даўамында бақсышылық етип, республикамыздың барлық қала ҳәм аўылларында, қоңсылас ўәлаятларда, Қазақстан, Түркменстан Республикаларында бәлент лапызы, хош ҳаўазы менен танылған Әмет бақсы қарақалпақ халқының әсирлер даўамында топланған баҳалы фольклорлық мийрасының бүгинги күнге шекем жетип келиўине салмақлы үлесин қосты. Усындай мийнетлери инабатқа алынып, 1991-жылы бақсының хызметлерин мүнәсип баҳалаў ҳәм атын мәңгилестириў мақсетинде бақсы жасап өткен көшеге ҳәм Нөкис қалалық 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине оның аты қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги