Усы жылдың 8-апрель күни саат 00:15 лерде, белгисиз биреўлер Төрткүл районында жасаўшы 36 жастағы  Р.А.ға тийисли “Cobalt” маркалы автомашинасын үйиниң алдында турған жеринен алып қашып, район орайындағы басқа бир көшеге таслап кетип, ҳәдийсе орнынан жасырынған.

Алып барылған оператив-излеў илажлары даўамында бул жынаятты 15 жасар жас өспиримлер И.А. ҳәм К.Б.лар бир топар болып, алдын ала жынайый тил бириктирип ислегенлиги анықланып, нызам бузыўшылар усланды.

Бул жағдай бойынша Төрткүл районы ИИБ жанындағы Тергеў бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 267-статьясы 2-бөлими “б” бәнти (транспорт қуралын алып қашыў) менен жынаят иси қозғатылды.

Жынаят иси бойынша гүманланыўшылар сораў қылынып, не ушын бул жынаятқа қол урғанлығы соралғанда, жас өспиримлер 6-апрель күни жәбирлениўшиниң үйиниң жанынан өтип баратырған ўақытлары машинаның қараўсыз, есиклери ашық қалдыралғанлығы себепли автомашинаның гилтин урлап, ҳәдийсе орнынан жасырынғанын айтты. Еки күн өтип, автомашинаның орнында турғанлығынан пайдаланып, урлап кеткен гилти жәрдеминде ашып, оны айдаў ушын алып қашқанлығын билдирди.

Ҳәзир тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги