Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов басшылығындағы депутатлар топарының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятына сапары жуўмақланды. Халық ўәкиллериниң республикамыздың арқа аймақларында үш күнлик жумысы даўамында сайлаўшылар менен көплеген ушырасыўлар өткерилди, ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы үйренилди, кең көлемли мәлимлеме-түсиндириў жумыслары алып барылды.
Сапардың тийкарғы темасы мәмлекет Конституциясын жаңа редакцияда қабыллаў бойынша улыўма халықлық референдумына таярлық көриў болды. Депутатлар сайлаўшылар менен ушырасыўларында конституциялық реформаның өзине тән өзгешеликлерине тоқтап, оның демократиялық мәниси ҳәм тийкарғы итибар шахс ҳуқықларын ҳәр тәреплеме қорғаў, жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиз раўажланыўының ҳуқықый кепилликлерин жаратыўға қаратылып атырғанын атап өтти.
2023-жыл 11-12-апрель күнлери депутатлық топар Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы, сондай-ақ, Хорезм ўәлаятының бир қатар районларында бир неше ушырасыўлар өткерди.
Парламент депутатларының жергиликли Кеңеслердиң депутатлары менен сөйлесиўлери жүдә нәтийжели болды. Оларда депутатларға жаңаланып атырған Конституция жойбарының ең әҳмийетли қағыйдалары ҳаққында мағлыўмат берилди, пуқаралардың өз қәлеўи, ерк-ықрарын еркин билдириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бойынша пикир алысылды.
Нызамшылық палатасы ағзаларының социаллық тараў объектлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына сапары даўамында Беруний районы орайындағы 65-мектеп, Гүрлен районындағы 7-мектеп муғаллимлери, Гүрлен ҳәм Янгибазар районларындағы «Абат» ҳәм «Очо-қалъа» мәҳәллелериниң белсендилери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, бир қатар хожалық жүргизиўши субъектлер, яғный «Глобал текс» өндирислик кәрханасы, «Замин ақ алтын» фермер хожалығының жумысы үйренилди.
Сондай-ақ, халық ўәкиллери Янгибазар районындағы көп тармақлы поликлиника жумысы менен жақыннан танысып, усы мәкемениң медицина хызметкерлери менен мәлимлеме-түсиндириў жумысларын алып барды.
Парламенттеги депутатлар топары тәрепинен өткерилип атырған барлық ушырасыўларда кең жәмийетшилик конституциялық реформаны сөзсиз қоллап-қуўатлап, болажақ референдумда қатнасыўға конструктивлик умтылып атырғанын атап өтти.
ӨзА