Бүгин, 13-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «2023-жылы базар принциплерине тийкарланған ипотека кредитлери арқалы халықты турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойылды.

Оған бола, физикалық тәреплерге ипотека кредитин бериўдиң заманагөй ҳәм турақлы системасын қәлиплестириў, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақларды мәмлекет тәрепинен мәнзилли қоллап-қуўатлаў, жергиликли ҳәм халықаралық капитал базарларында қаржы ресурсларын тартыў ҳәм кейин ала оларды ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыўға қаратыў мақсети нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги