Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы композиторлар аўқамының ағзасы, талантлы композитор, марҳум Марқабай Жийемуратовтың 80 жыллығы, сондай-ақ, оның өмирлик жолдасы Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешованың 70 жыллық юбилейлерине арналған саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Кешеге Қарақалпақстан Республикасы композиторлар аўқамы ўәкиллери, музыка изертлеўшилери, шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша биринши проректоры Қ. Қодиров басқарып барды.

Кешеде сөзге шыққанлар юбилей ийелериниң өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы мағлыўматлар берди.


Атап өтилгениндей, қарақалпақ музыка мәдениятының раўажланыўына өзиниң бийтәкирар шығармалары менен салмақлы үлес қосқан белгили композитор, марҳум Марқабай Жийемуратов миллий көркем өнеримиз тараўында айрықша орынға ийе.

Марқабай Жийемуратов 1943-жылы 28-мартта Қараөзек районында «Нурлан Шахан» аўылында туўылған. Оның дәслепки устазы сол мектептиң муғаллими Шанияз Мәмбетов болған.

Ол 1964-жылы Нөкис музыка-хореография оқыў орнының скрипка бөлимин устазы Н.Мухаммеддиновта, ал 1975-жылы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының композиторлық курсын устазы Г.Мушельде ҳәм симфониялық оркестр дирижёрлығы факультатив курсын устазы З.Хақназаровта тамамлаған.

1975-жылдан баслап Бердақ атындағы сазлы театрда симфониялық оркестр дирижёры жәрдемшиси, Қарақалпақстан Телерадио комитетинде музыкалық редактор, Бердақ филармониясында музыкалық жақтан басшы, Жас тамашагөйлер театрында көркемлик жақтан басшы, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң директоры, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында аға оқытыўшы ўазыйпаларын атқарды.

Ол музыканың барлық жанрларында шығарамалар дөреткен. Олардан халқымыз сүйип тыңлайтуғын «Айдынлар», «Кегейлиде бир назәлим бар десе», «Умытпа», «Сағыныш», «Лалазарда қосық айтар», «Туў сыртымнан қарай-қарай қалған қыз», «Мақтанышым Қарақалпақстаным», «Бесик жыры», «Қызлары бар бизиң елдиң», «Сен сулыў», «Саҳра қызына», «Бес төбениң таўларында», «Қосық айтаман», «Алтынкөл» сыяқлы көплеген қосық, романс, дуэтлерин айтсақ болады.

Ири көлемли симфониялық шығармалардан «Мәкарья сулыў» балети (1975), «Ерназар Алакөз» симфониялық поэмасы (1974), «Дуўтарлы солдат»  драмасы, тарлы әсбаплар ушын квартети, басқа да сюиталарын атап көрсетиў орынлы. Ол «Даўытбай Қайыпов», «Аққан жулдызлар», «Айдынлар», «Ерназар Алакөз», «Мәкарья сулыў» шығармалар топламларын баспадан шығарды. «Жыраў намалары» ноталар топламы Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалы тәрепинен жарық көрди. Бул китаплар көркем өнер ҳәм әдебият илими ушын да халқымыздың бийбаҳа ғәзийнесине айланған.

Атақлы композитор, ардақлы устаз М.Жийемуратов  ҳәзирги раўажланып атырған дәўиримизди, халқымыздың уллылығын ҳәм келешегин жырлайтуғын әжайып шығармалар дөретип халқымыздың ҳақыйқый сүйикли перзентине айланды.

Ал, Нәбийра Төрешова 1953-жылы Қанлыкөл районының Марат Нурмухаммедов атындағы АПЖ аймағында дүньяға келди. 1969-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының филология факультетине оқыўға кирди. Институтты питкергеннен кейин дәслепки мийнет жолын Қанлыкөл районындағы мектепте муғаллим болып ислеўден баслады.

Соң 1975-жылдан Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомитетинде «Жаслық» редакциясының редакторы болып ислей баслады. Соңынан бөлим баслығы болып иследи. 1989-жылы «Әмиўдәрья» журналына публицистика бөлиминиң баслығы болып жумысқа өтти. Узақ жыллар усы журналда бас редактордың орынбасары лаўазымында иследи.

Нәбийра Төрешованың ең дәслепки қосықлар топламы «Жаслығым мениң» деген ат пенен 1978-жылы жарық көрген болса, 1981-жылы «Әдилдиң сөзлери» атлы гүрриңлер топламы, 1986-жылы «Песня три голоса» деген ат пенен рус тилиндеги топламы, 1988-жылы «Сәўир самалы, 1991-жылы  «Перийзат» атлы қосықлар топламы ҳәм түркмен шайыры Бәҳәргүл Керимованың «Ышқы дәптери» қосықлар топламына исленген аўдармасы, 1994-жылы «Өзиңнен» қосықлар топламы, 1996-жылы «Әдилдиң сөзлери»ниң 2-китабы, 2009-жылы «Әзийзим», 2020-жылы «Ана», 2023-жылы «Мәңгилик қосығымсаң» атлы қосықлар топламлары жарыққа шықты.

Кешеде көркем өнер шеберлери ҳәм институттың музыкалық тәлим бағдарының талантлы студентлери композитор Марқабай Жийемуратов ҳәм шайыр Нәбийра Төрешованың дөретпелеринен қосықлар атқарды.






Азада Қдырбаева,

          ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс  студенти. 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги