Өзгидрометтиң жетекши қәнигеси Эркин Абдулаҳатовтың мәлим етиўинше, 17-апрель күни ерте таңда Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятлары ҳәм таўлы ўәлаятларда ҳаўаның температурасы 0 дәрежеге түсиўи күтилмекте.

17-апрель күни суўық антициклон тәсиринде республикамыздың арқа аймақларында ҳаўаның температурасы нольден төменге түседи. Үстиртте кешки ўақытлары ҳаўаның температурасы 2…..-3 дәрежеге шекем түсиўи күтилмекте.

Хабарда атап өтилиўинше, ҳәзирги мәўсим ушын түнде ҳаўа температурасының ноль дәрежеге төменлеўи топырақтың сыртында да температураны сезилерли дәрежеде төменлетиўи бул аўыл хожалығы ушын «суўық урыў» (заморозок) ҳәдийсесин келтирип шығарыўы мүмкин.

ӨзА