Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинен айырым референдум участкаларында даўыс бериў процесин видео-трансляция етиў ҳәм айырым референдум участкаларында сынаў тәризинде даўыс бериўши пуқараларды биометриялық идентификациялаў қурылмаларынан пайдаланыў бойынша қосымша илажларды белгилиў, мүддетинен алдын даўыс бериўди шөлкемлестириў, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшылар ҳәм ҒХҚ ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, Өзбекстан Республикасының референдумына таярлық көриў және өткериў бойынша айырым округлик комиссиялары басшыларының мәлимлемелери ҳаққындағы мәселелер орын алды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасының референдумын өткериўши участкаларында референдум күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканияты ийе болмаған пуқаралар ушын мүддетинен алдын даўыс бериў өткерилиўи бойынша қарар қабыл етилди. Оған бола, мүддетинен алдын даўыс бериў 2023-жыл 19-апрель күни басланып, 2023-жыл 26-апрель күни жуўмақланатуғыны белгиленди ҳәм референдум участкасында мүддетинен алдын даўыс бериў ўақты жумыс күнлери саат 9:00 ден саат 18:00 ге шекем, дем алыс ҳәм байрам күнлери саат 12:00 ден саат 16:00 ге шекем болып өтетуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасының референдумында халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы ОСКның қарары менен ҒМДА бақлаўшылары миссиясынан, Бельгия, Малайзия, Нидерландия, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан, Ҳиндстан сыяқлы сырт мәмлекетлерден жәми 30 бақлаўшы аккредитациядан өткерилди.
Сондай-ақ, ОСКға келип түскен мүрәжатлардан келип шығып, жергиликли ғалаба хабар қуралларының 102 си, сырт ел ғалаба хабар қуралларының 11 ўәкили аккредитациядан өткерилди. Буннан былай аккредитациядан өткерилген жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң улыўма саны 496 ни қурамақта.
Күн тәртибине муўапық, мәжилис даўамында референдум өткеретуғын 1-Қарақалпақстан, 7-Самарқанд, 13-Қашқадәрья округлик комиссиялары басшыларының референдумға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлемелери тыңланды.
Мәжилисте күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги