2020-жылдың 22-январында дүзилген Өзбекстан Нотариал палатасы 2021-жыл 3-декабрь күни Халықаралық нотариуслер аўқамы (ХНА)на 91-ағза сыпатында қабыл етилген еди.

Итибарлы тәрепи, Аўқамның «жас ағзасы болыўына қарамастан Өзбекстан нотариаты оның жумысында жедел қатнасып, оның басшылығының итибарына да ийе болып келмекте. Өзбекстан нотариатының ХНАның Халықаралық нотариал бирге ислесиў комиссиясына сайланыўы да буның айқын көриниси болып табылады.

ХНАда түрли комиссиялар ҳәм жумысшы топарлар жумыс алып бармақта, Халықаралық нотариал бирге ислесиў комиссиясы (International Notarial Cooperation Commission) олардың ең абырайлысы ҳәм Аўқам жумысында әҳмийетли орын ийелейтуғынын мағлыўмат орнында айтып өтемиз. Оның тийкарғы ўазыйпасы сырт мәмлекетлердиң нотариат системаларын ХНА ағзалығына қабыл етиў, тоқтатыў ҳәм ағзалықтан шығарыў мәселелерин көрип шығыў, олар менен халықаралық байланыслар орнатыў, раўажландырыў, мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда жәрдемлесиў болып есапланады.

Бул комиссияның қурамы жәми 15 ағзалардан ибарат болып, оның 7 еўи ХНА тәрепинен тайынланатуғын Комиссия баслығы, оның жәрдемши ҳәм хаткерлери қураса, қалған 8 и Аўқамның 91 ағза мәмлекет арасынан сайланады. Өзбекстан бул абырайлы комиссияның 8 и ағзасынан бири етип Өзбекстан ўәкили сайланды.

Кейинги жылларда Халықаралық нотариуслер аўқамының мәплери БМШ, ЮНЕСКО, халықаралық жеке меншик ҳуқық бойынша Гаага Конференциясы, Европа комиссиясы ҳәм Европа Парламенти, Европа Кеңеси сыяқлы көплеген халықаралық шөлкемлерде сәўлелендирип келинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги