2023-жылдың 1-апрель жағдайына республикамыздың турақлы халқының саны 36 197 781 адамды қураған. Бул ҳаққында Президент жанындағы Статистика агентлиги мәлим етти.

Дәрекке бола, республикамыздың турақлы халқының саны өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 2,2 процентке артқан.

Мәмлекетимиз халқы 2023-жылдың басынан берли 172,8 мың адамға көбейген. Өзбекстан халқы 2023-жылдың ҳәр айында орташа 57,6 мың адамға артқан. 2023-жылдың ҳәр бир күнинде турақлы халқының саны орташа 1,9 мың адамға көбеймекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги