Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Прокуратурасының басламасы менен Өзбекстан денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Конституция меники, сеники, бизики! Конституция өзимиздики!» сүрени астында үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.
Илаждан гөзленген мақсет – елимиздиң келешеги ушын әҳмийетли ўақыя – референдумның мазмун-мәнисин жасларға жеткериўден, референдум нызамшылығы ҳәм әмелияты бойынша кең түрде түсиндириў жумысларын алып барыўдан ибарат.
Нөкис әcкерий суды судьясының жәрдемшиси Р.Нурниязов, профессор-оқытыўшылар, тьюторлар ҳәм студент-жаслардың қатнасыўында «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы конституциялық нызам жойбарын үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажда суд-ҳуқық системасындағы реформалар, Конституцияның өмиримиздеги тутқан орны, халық турмысының абаданлығына ҳәм инсан қәдирин улығлаўға хызмет ететуғыны, жасларға қаратылған итибар ҳәм ғамхорлықлар, олардың ҳуқықлары, билим алыў кепилликлери ҳаққында сөз болды.
– Быйылғы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға бийпарўа болмастан, мәмлекетимиздиң әҳмийетли сиясий ўақыясында биз жаслар да белсене қатнасыўымыз керек, – дейди филиалдың «Ескек есиў» қәнигелиги студенти, И.Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси Қызжибек Тәжибаева. – Бул тек бизлер емес, ертеңги келешек әўладлардың турмысына да тәсир ететуғын процесс болып табылады.
Сондай-ақ, илаж даўамында диний экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы сыяқлы қәўиплердиң күшейип атырғаны ҳәм бул бағдарда жаслардан сақлық талап етилетуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги