Жеке меншик шериклер ямаса тендер тийкарында, яки тендерсиз сайланады. Олар социаллық тараў объектлерин ысытыўға байланыслы барлық мәселелерди өз мойнына алады. Атап айтқанда, исбилерменлерге жаңа қазанлар орнатып, объектти ысытыў қәрежетлерин кеминде 20 процентке, электр шығынларын 30 процентке азайтыў миннетлемеси жүкленеди.

Президент: «Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳаққында»ғы қарарға  қол қойды.

Қарарға бола, 2023-2026-жыллары республика аймағында хәрекет етип турған мәмлекетлик социаллық тараў объектлерин көмир жанар майына өткериў арқалы гүзги-қысқы мәўсимде ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, қазанханаларды модернизациялаў ҳәм  мәкемелердиң ыссылық системасын оӊлаў ҳәм белгиленген нормаларда ислеўин тәмийинлеўди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик сектордыӊ қатнасыўында басқышпа-басқыш енгизиледи.

Биринши басқышта Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы 5722 мәмлекетлик социаллық тараў объектиниң ыссылық тәмийнаты системасы жеке меншик сектордыӊ қатнасыўында модернизацияланады ҳәм басқарыў системасы енгизиледи.

2023-жылда Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәря ҳәм Сырдаря ўәлаятларында ҳәм басқа ўәлаятларда ысытыў системасы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизацияланады.

Модернизациялаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша республика жумысшы топары дүзиледи.

Оның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:

мәмлекетлик социаллық тараўдың объектлериниң ысытыў системалары ушын талап етилетуғын көмир ҳәм басқа да жанар май өнимлери менен тәмийинлеўге жәрдемлесиў;

ҳәр шеректе район(қала) ҳәкимликлери ҳәм тартылған жеке меншик шериклер тәрепинен орынланған жумыслардыӊ нәтийжелилигин үйрениў ҳәм үзликсиз мониторинг етип барыў;

мәмлекетлик социаллық тараўдың объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаўда пайда болатуғын машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў;

район(қала) ҳәкимликлериниң жойбарларды орынлаў майданынан информацияларын қабыллаў ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине аналитикалық материалларды киргизип барыў;

усы қарарда көрсетилген тапсырмалардың белгиленген мүддетлерде орынланыўын қадағалап барыў;

2023-жыл 1-августтан

жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылған ҳәм жойбар контцепциялары тастыйықланған район ҳәм қалалардағы социаллық тараў объектлериниң ыссылық системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқышпа-басқыш модернизациялаў жумыслары басланады.

Жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекет шериги етип – район (қала) ҳәкимликлери белгиленеди.

Жеке меншик шериклер – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы нызамы талапларына муўапық тендер өткериў ҳәм (ямаса) Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң қарарлары тийкарында ең оптимал  усынысларды таңлап алыў арқалы анықланады.

Жеке меншик шериклердиң ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады:

ысытыў ушын норма бойынша талап етилетуғын көмир ҳәм электр энергиясы қәрежетлерин кеминде 20 процентке ҳәм ыссылық энергиясы шығынларын 30 процентке азайтыў;

социаллық тараў объектлеринде Өзбекстан Республикасында кеминде бир жыл сынақтан табыслы өткен ҳәм хызмет етиў кепиллиги кеминде 15 жылды қурайтуғын қазанларды орнатыў;

орнатылатуғын ысытыў қазанларының сапасына кепиллик бериў ҳәм мүддетинен алдын жарамсыз жағдайға келген ысытыў қазанларын өз қаржылары есабынан жаңалаў; бундай жағдайларда Мәмлекетлик бюджетинен қосымша қаржы ажыратылмайды;

социаллық тараў объектлерин ысытыў менен байланыслы барлық мәселелерди өз мойнына алыў.

Жойбарларды әмелге асырыўда модернизациялаў ҳәм оӊлаў қәрежетлери ушын талап етилетуғын инвестиция қаржылары жеке меншик шериклер ҳәм Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ажыратылады.

Жеке меншик шериклердиң үлеси кеминде 50 процент ҳәм объектлерди эксплатациялаў мүддети 10 жылды қурайды.

Район (қала) ҳәкимлери социаллық тараў объектлериниң ысытыў системалары толық түрде ислеўи ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер есапланады.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги 2023-жылда республика бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў ушын жәми 500 миллиард сум, соннан Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятлары ушын 250 миллиард сум, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Қашқадәря ўәлаятына 50 миллиард сумнан қаржы ажыратады.

Ысытыў қазанларын ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолай шараятларды жаратыў мақсетинде, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын (импорт етилетуғын), республикада ислеп шығарылмайтуғын товарлар 2025-жылдың 1-январына шекем бажыхана бажысынан азат етиледи.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жойбарлар бойынша тастыйықланған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы келисим белгиленген нәтийжелилик көрсеткишлериниӊ орынланыўы ҳәм келисим шәртлерине әмел етилиўи бойынша турақлы мониторингти әмелге асырып барады.

Онда, мониторинг нәтийжесинде биринши рет анықланған кемшиликлер ушын жыллық төлем муғдарын 10 процентке, екинши мәрте анықланған кемшиликлер ушын 20 процентке азайтыў ҳәм үшинши рет анықланған кемшиликлер ушын келимимди бийкарлаў сыяқлы жаза илажларын қолланыў механизими енгизиледи.

 

Гулхатиша Уразбаева

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги