Елликқала районындағы 18-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-июльдеги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўды раўажландырыўды жаңа басқышқа көтериў ҳаққында»ғы қарарының орынлаўын тәмийинлеўге бағышланған әмелий оқыў семинары болып өтти.

Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Р.Матчанов,  республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Өзбекстан Қаҳарманы, сенатор Ғ. Хожаниязов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти Ж.Ҳәкимниязов, университет жас илимпазлар кеңесиниң баслығы Қ.Низаматдинов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының аға оқытыўшысы Қ.Мәмбетов шығып сөйлеп, жоқарыдағы атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеўде алда турған ўазыйпалар,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжаты, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясынан келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында елимизде жәмийетлик турмыстың руўхый-ағартыўшылық тийкарларын беккемлеў, миллий ғәрезсизлик идеясының тийкарғы түсиниклери менен принциплерин турмысқа енгизиў, жерлеслеримиздиң, әсиресе, жас әўладтың жүрегинде Ўатанымыздың тәғдири менен келешеги ушын жуўапкершилик сезимин арттырыў, жат идеяларға қарсы идеологиялық иммунитетти күшейтиўге бағдарланған үгит-нәсиятлаў системасы қәлиплести. Бул процессте республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимшелери тәрепинен айтарлықтай жумыслардың әмелге асырылғанын атап өтиў орынлы.

Өткен жыл даўамында елимизди буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды орынлаў,  «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген илажларды әмелге асырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған реформалар халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланып, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идея заманласларымыздың өмиринде ҳәм күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта. Халқымыздың жәмийетлик белсендилиги, ертеңги күнге исеними артпақта.

Бул Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен биринши мәрте елимиз парламенти-Олий Мажлиске усынылған Мүрәжатында өз көринисин тапты.  Онда экономика, социаллық, сыртқы сиясат тараўларында қолға киргизилген жетискенликлер менен бирге, халықтың машқалаларын системалы үйрениў, оларды анық шешиў, әсиресе, социаллық шараяты аўыр ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық пенен жынаятшылықтың алдын алыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелеринде орын алып атырған кемшиликлер сынға алынды. Мүрәжатта атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүньяның айырым регионларында жүзеге келген тынышсызлық жағдайы халық миграциясының күшейиўине, бул болса, өз гезегинде, терроризм менен экстремизмниң тарқалаўына және олардың глобал машқалалардан бирине айланыўына алып келмекте. Шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслардың тәрбиясы, жәмлеспеген жаслар менен мақсетли идеялық-тәрбиялық жумыслар, миллий қәдриятларға итибарсызлық, ерте неке қурыў, шаңарақлық ажырасыўлар сыяқлы унамсыз жағдайлардың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларының көпшилик жағдайларда күтилген нәтийжени бермей атырғаны сыр емес. Бундай жағдайда миллий мәмлекетшилигимиз, ғәрезсизлигимиз, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын ҳәм қәўипсизлигимизди сақлаў ҳәр биримиз ушын ең тийкарғы ўазыйпаға айланып бармақта.

Бул семинардың Еллиққала районында өткерилгенлиги тосыннан емес. Районда соңғы жыллары руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыўда айтарлықтай нәтийжелерге ерисилмекте. Соның нәтийжесинде жаслар түрли тараўларда жоқары табысларды қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, Нөкис қаласында өткерилген «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилиги фестивалында Фаррух Хасанбаев халық сазлары бағдарында лауреат болған болса, Сабина Сапарбаева «Жыл сәрдары» таңлаўында, райондағы 50-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Мухайё Шарипова «Наўайы избасарлары» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында, Шахноза Шарипова «XXI-әсир ҳаял-қызы» таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпаз болғанлығы  руўхый-ағартыўшылық жумыслардың жақсы жолға қойылғанлығының нәтийжеси болып табылады.

Район жаслары спорт тараўында да жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Олардан Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тренери  Темур Тәжибаев миллий кураш бойынша Өзбекстан чемпионатында үшинши орынды, Бунёд Қурбанбаев  самбо бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында биринши орынды, 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Моҳигүл Камилжанова усы спорт түри бойынша Өзбекстан чемпионатында  үшинши орынды қолға киргизди.  Сондай-ақ, 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң және бир оқыўшысы Ферузбек Иброҳимбаев республика ашық турниринде жеңимпаз болған болса, районнан 8 спортшы каратэ бойынша Өзбекстан чемпионы болды.

Семинарда шығып сөйлеўшилер, той мерекелер, шаңарақлық мәресим ҳәм басқа да илажларды өткериў бойынша республикалық «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры менен «Нураный» қоры белсендилериниң гүллән-халқымызға мүрәжатының әҳмийети, терроризмге, диний экстремизмге, адам саўдасына, «ғалабалық мәденият» сыяқлы жат иллетлердиң унамсыз ақыбетлерине тоқтап өтти.

– Бүгинги күнде дүньяда глобалласыў процесслери күшейип атырған бир пайытта бундай илажларды өткериў айрықша әҳмийетке ийе,-дейди республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Қуўанышбай Юсупов.-Тийкарғы мақсетимиз, Президентимиз қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў болып табылады.

Илаж соңында Руўхый-ағартыўшылық жумысларын алып барыўда белсендилик көрсеткен бир топар үгит-нәсиятшылар Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Семинар қатнасыўшылары район ҳәкимлигиниң «Руўхыйлық бөлмеси», Бостан социал-экономикалық колледжиниң мәлемлеме-ресурс орайының жумыслары менен танысып, районның дыққатқа ылайық орынларын саяхат етти.

 

  

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.