Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң академиялық лицейлерине оқыўшыларды қабыл етиўде жазба жумыс (диктант), талабанлардың физикалық таярлық дәрежесин анықлаў ҳәм жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет өткериў тәртиби ҳаққындағы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Режеге муўапық, талабанларды академиялық лицейге қабыллаўда өткерилетуғын арнаўлы-профессионал таңлаўдың төмендеги басқышлары белгиленди:

– талабанлардың орфографиялық ҳәм пунктуациялық саўатлылық дәрежесин анықлаў бойынша сынаў-диктант;

– физикалық таярлық дәрежесин анықлаў бойынша сынаў;

– жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбетлесиў.

Арнаўлы-профессионаллық таңлаў нәтийжелерине муўапық талабанды тест сынақларын тапсырыўға қойыў мәселеси шешиледи.

Таңлаўдың басқышлары қабыллаў жылының 1-июнынан 25-июнына шекем өткериледи.

Сондай-ақ, режеде сынаўларды өткериў методикасы ҳәм баҳалаў критериялары да анық белгилеп берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги