Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясының фракция ағзасы М.Ибрагимов, Өзбекстан Республикасы Олий судьялар кеңеси судьясы Б.Сабиров ҳәм басқалар Хожели районындағы 16-17-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болажақ әҳмийетли сиясий процесс алдынан жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-мәнисин пуқараларға кеңнен түсиндириўге қаратылған үгит-нәсият илажларын өткерди.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар жаңаланып атырған Конституцияның әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди. Жыйналғанларға муғаллимлердиң абырайын ҳәм қәдир-қымбатын беккемлеў бағдарында Тийкарғы Нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, елимизде оқытыўшы кәсибиниң абырайын көтериў, муғаллим ҳәм устазлардың қәдирин тиклеў, олардың материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў, нәтийжели мийнети ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Жаңаланып атырған Конституциямызға киргизилип атырған бул норма мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиң мектеплер ҳәм муғаллимлердиң жумысына тийкарсыз араласыўына, педагог кадрлардың абырайын, қәдирин кемситиўине, оларды мәжбүрий мийнетке тартыўына, тәлим-тәрбия процесине кесент етиўине, устазлардың ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда сөзге шыққан муғаллимлер ҳәр қыйлы мәўсимлик жумысларға тартыў ақыбетинде бастан өткерген қыйыншылықларын, соңғы жылларда тараўда жүз берип атырған реформаларды, муғаллимлердиң мийнет ҳақысы көбейип, олардың абырайы артқанлығын атап өтти.
Илаж соңында депутат барлық муғаллимлерди 30-апрель күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы референдумында белсене қатнасыўға шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги