Беруний районы әдиллик бөлимине II топар майыплығы болған шахс Д.И.ның районлық Мәлимлеме-китапхана  орайында 0,5 ставкада қәниге болып ислеўине қарамастан басшы оны толық ислеўге мәбүрлеп атырғаны бойынша мүрәжаты унамлы шешилди.

–Бул мүрәжатты үйрениў барысында пуқара Д.И.диң ҳақыйқатында мийнет ҳуқықлары бузылғанлығы анықланды,–дейди районлық әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси, 3-дәрежели юрист Ш.Исмаилов.– районлық Мәлимлеме-китапхана  орайы директорын Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекси тийкарында жуўапкершиликке тартыў бойынша халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайына усыныс киргизилди. Усыған муўапық орай директорына Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 49-статьясына муўапық базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында жәрийма жазасы қолланылды. Сондай-ақ пуқара Д.И.диң  мийнет шәртнамасы нызамшылыққа муўапықластырылып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги