Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған 27-апрельде Россия Президенти Владимир Путин мәмлекетине келиўи мүмкин екенлигин мәлим етти. Алдынырақ, ол сол күни Мерсиндеги «Аккую» атом электр станциясына ядро жанылғысы жеткерип бериў режелестирилгенин айтқан еди.

– 27-апрельде, бәлким, мырза Путин де келеди, ямаса биз онлайн байланысып, биринши қәдемди қоямыз, деген үмиттемен,-деди Эрдоған «A Haber» телеканалына берген интервьюсинде.

«РИА Новости»диң жазыўынша, Түркиядағы «Аккую» АЭС қурылыс майданшасына ядро жанылғысы жеткерип бериледи ҳәм сол жердеги жаңа жанылғы сақлаў мәнзилине жайластырылады. Жанылғы жеткерип берилген ўақыттан баслап «Аккую» ядролық имаратқа, Түркия болса атом энергетикасы бар мәмлекетке айланады.

Еслетип өтемиз, Россияның қатнасыўында қурылып атырған бул комплекс Түркиядағы биринши атом электр станциясы. Имараттың 4 блогы Россияның алдыңғы «ВВЭР-1200» реакторлары менен үскенеленеди. Бул үскенелердиң барлығы иске қосылғаннан соң, станция жылына 35 миллиард киловатт-саатқа шамалас электр энергиясын ислеп шығарады. Бул муғдар мәмлекеттиң электр энергиясына болған 10 процент талабын қаплаўы нәзерде тутылған. Итибарлы тәрепи, баҳасы, шама менен 20 миллиард долларды қурайтуғын бул идея глобал ядро санаатында «қур-оз-өзлестир» модели бойынша әмелге асырылып атырған биринши жойбар. Қалаберди, «Аккую» ядро санаатындағы ҳәр қандай заманагөй халықаралық қәўипсизлик талабына жуўап береди.

АЭСтиң биринши энергия блогының қурылысы 2018-жыл апрельде, екиншиси 2020-жыл апрельде, үшиншиси 2021-жыл мартта, төртиншиси 2022-жыл июльде басланған.

ӨзА