Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Сарвархон Бузрукхонов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында әмелге асырылып атырған студентлер турақ жайларының қурылыс-реконструкция жумыслары менен танысты.



Ҳәзирги ўақытта институтта студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў, оларды жатақханаларға қамтып алыў жумысларын жақсылаў мақсетинде 5 орында, улыўма 1550 орынлық студентлер турақ жайларының қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 23 миллиард 704 миллион сум ажыратылып, жаңадан 500 орынлық жатақхана қурылмақта. Соның менен бирге, институт бас имараты жанындағы 100 орынлық ҳәм Елликқала педагогика факультетиниң 150 орынлық студентлер турақ жайларына реконструкция исленбекте.

Сондай-ақ, институт кампусынан мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 23 миллиард 200 миллион сумға 400 орынлық жаңа студентлер турақ жайының қурылыс жумыслары қызғын пәтлерде әмелге асырылмақта. Студентлерди турақ жай менен тәмийинлеўде исбилерменлик субъектлери менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған болып, буның айқын көриниси сыпатында исбилерменниң өз балансындағы имаратты қайта оңлаў жумыслары тийкарында 400 орынлық жатақханаға айландырып, пайдаланыўға тапсырыўды жобаластырып атырғанын атап өтиў орынлы.



Министр орынбасары усы объектлерде болып, қурылыс кәрханаларының басшылары ҳәм тийисли жуўапкерлер менен сәўбетлести. Қурылыс-реконструкция жумысларын көзден өткерип, студентлерге қосымша шараятлар жаратыў, қурылысты сапалы етип өз ўақтында жуўмақлаў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги