Беруний районында жасаўшы пуқара А.С.ның жасқа байланыслы пенсияға шығыўда мийнет стажлары есапқа алынбағанлығы ақыбетинде пенсия тайынлаўдан бас тартылғаны туўралы мүрәжаты нызамшылық талапларына муўапық  үйренип шығылды.

–Үйрениўлер даўамында пуқара А.С.ның есапқа алынбаған мийнет стажы  6 жыл, 9 ай, 12 күнди қурайтуғынлығы мәлим болды, – дейди Беруний районы әдиллик бөлиминиң жетекши қәнигеси Ваҳоб Тураниязов.– Оның мийнет дәптершесинде жазылған фермер хожалықларындағы мийнет стажы Президентимиздиң  2021 жыл 4 майдағы “Пуқараларға мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў процесин әпиўайыластырыў және пенсия ҳәм напақаларды жеткериў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы  қарарына муўапық мийнет стажы ҳәм ис ҳақы ҳаққындағы ҳүжжетлер Пенсия фонды тәрепинен “Бирден-бир мийнет миллий системасы” мәкемелер аралық бағдарламалық-аппарат комплексинен пайдаланған ҳалда электрон мағлыўматлар алмасыўы өзиниң тастыйықлаўын таппағанлығы нәтийжесинде бюджеттен тысқары Пенсия фонды Беруний районы бөлими тәрепинен мийнет стажына қосып есапланбағанлығы анықланды.

Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 81-статьясына муўапық “Мийнет дәптершеси хызметкердиң мийнет стажын тастыйықлаўшы әҳмийетли ҳүжжет болып табылады” деп белгиленген. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Нызамының 42-статьясына муўапық Мийнет дәптершеси мийнет стажын тастыйықлаўшы тийкарғы ҳүжжет болып табылады.

Жоқарыдағыларға тийкарланып, бөлим тәрепинен ҳәкимшилик ислери бойынша Нөкис районлар аралық судына арза киргизилип, судтың шешиўши қарары менен  бюджеттен тысқары Пенсия фонды Беруний районы бөлимине пуқара А.С.ның есапқа алынбаған мийнет стажын инабатқа алыў ҳәм пенсия таярлаў бойынша миннетлеме жүкленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги