Рамазан айында Қоңырат районы Өрнек ҳәм Әдебият аўыл пуқаралар жыйынында район ҳәкимлиги ҳәм районлық “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен нураный ата–апалар, жәрдемге мүтәж ҳәм социаллық дәптерлер дизиминдеги шаңарақлар ушын ифтарлық дастурханы жайылды.
Илажға “Ҳәким Сулайман” жоме мешити хызметкерлери, нураный ата-аналар қатнасты.
Сөзге шыққанлар бәршени мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлады. Бүгинги күни елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейилликти сақлаў, елимиздиң абаданлығы ушын қуран сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылығын ҳәм шүкиршилигин билдирди.
Мүбәрек Рамазан айындағы бундай қайырқомлық илажлары районның басқа да мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги