Нөкис қалалық медициналық бирлеспесинде «Саламатлық сейиллери» айлығы шеңберинде көшпели медициналық хызметлер көрсетилди.

Үш күн даўам ететуғын сейиллер даўамында шыпакерлер тәрепинен ҳәр қыйлы кеселликлердиң келип шығыўының алдын алыў, пуқаралардың медициналық саўатлылығын арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша сәўбетлер өткериў менен бирге пуқаралар бийпул медициналық тексериўден өткериледи.



Тексериўдиң дәслепки күнинде Нөкис қаласындағы көп тармақлы поликлиникаға алдында болып өткен медициналық тексериўде 7 мыңға шамалас пуқара мүрәжат етип, соннан кеселлиги анықланған 6 мың 558 пуқараға амбулатор емлеў илажлары көрилип, 137 пуқара стационар емлениў ушын емлеўханаларға жиберилди. Ал, 37 пуқараның операция әмелиятын өткериўге мүтәжлиги анықланып, қыстаўлы түрде емлеўханаға жатқарылды. Мобиль поликлиника шыпакерлери тәрепинен халық рентген, УЗИ, ЭКГ тексериўлеринен өткерилди.






-Усы жылдың апрель айы даўамында Денсаўлықты сақлаў министрлиги қурамындағы медициналық мәкемелерде «Саламатлық сейиллери» айлығын өткериў белгиленген, -дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспеси бас шыпакериниң орынбасары Венера Упатуллаева. – Бул илажлар халық арасында кеселликлер профилактикасы ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў мақсетинде өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги