Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Кинематография агентлиги «Ҳүжжетли ҳәм хроникалық фильмлер» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Дүньяға қәлб көзи менен баққанлар» атамасындағы ҳүжжетли фильмниң премьерасы болып өтти.
Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығына бағышлап шөлкемлестирилген премьерада Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлими баслығы Қуўат Шарапов бәршени байрам менен қутлықлап, фильм режиссёры Абдусамад Саламов ҳәм сес режиссёры «Дослық» ордени ҳәм «Олтин ҳумо-2022» сыйлығының ийеси Абдуқаҳҳор Каримов фильмниң Самарқанд, Бухара, Нөкис, Хожели қалаларындағы съёмка процесслери ҳәм фильм үстинде алып барылған жумысларға қысқаша тоқтап өтти.
Соң ҳүжжетли фильмниң премьерасы усынылды. Бул фильм республикамыздың ҳәр қыйлы аймақларында жасап, cаламат инсанлар менен теңдей мийнет етип киятырған, қәбилетли ҳәм өмиринен кеўли тоқ, көзи әззи инсанлар ҳаққында сөз етеди.
– Фильмди көрип жүдә тәсирлендик, көзимизге жас келди, -дейди Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти Жулдыз Турсынбаева. – Себеби, көзи әззи бола турып, жәмийеттеги хызметлерин шеберлик пенен атқарып ҳәм бәрқулла жақсы кейпиятта жүретуғын бундай инсанларға алғыс айтпай илаж жоқ.
Илаж соңында тамашагөйлер сөзге шығып, фильм ҳаққында өз пикирлерин ҳәм фильмниң дөретиўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги