Қарақалпақстан журналистикасында өзиниң өткир қәлеми, ағла адамгершилик пазыйлетлери ҳәм шебер шөлкемлестириўшилик тәреплери менен өз орнын белгилеп кеткен Абдулла Ембергенов бүгин арамызда болғанында өзиниң 50 жасын белгилеген болар еди.

Әттең, 2020-жылы елимизге кирип келген короновирус деп аталаўшы ылаң республикамыздың бир қатар алдынғы зыялылары сыяқлы Абдулла ағаны да арамыздан ерте алып кетти. Жипектей жағымлы минези, қуяш нурында ашылған гүлдей жайнаған жүзи менен жарқырап жүретуғын ол өзиниң 47 жыллық өмири даўамында инсанларға жақсылық нурларын сеўип кетти. 1996-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин бир топар талантлы жаслар менен бирге питкерип шыққан ол, 2010-жылға шекем республикалық  «Қарақалпақстан жаслары», «Еркин Қарақалпақстан» газеталарында арнаўлы хабаршы, өз хабаршы, жуўаплы хаткер лаўазымларында жемисли хызмет етти. Оның республикамыздың барлық аймақлары турмысынан таярлаған ҳәр қыйлы мазмундағы мақалалары кең жәмийетшилик ҳәм редакция басшыларының нәзерине түсип, Абдулланың келешекте жақсы журналист ҳәм редактор болып жетилисиўине үмит оятты. Сонлықтан оны «Еркин Қарақалпақстан» газетасының редколлогия ағзалары дәслеп жуўаплы хаткер, соңынан республика балаларының сүйикли газетасы болған «Жеткиншек»тиң бас редакторы лаўазымына усынды.

2010-жылы бас редактор етип тайынланған ол «Жеткиншек»ке жумысқа келгеннен соң өзине билдирилген исенимди толық ақлаў мақсетинде редакцияның финанслық жағдайын жақсылаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, газетаның тематикалық ҳәм көркем-дизайнлық сапасын арттырыў жолында аянбастан мийнет етти. Әсиресе, ол «Жеткиншек»ти жас ҳәм ҳәр тәреплеме билимли журналистлер кадрлар менен толықтырып барыўға, мийнет жәмәәти ағзалары арасында өз-ара аўызбиршилик ҳәм сыйласықты сақлаўға айрықша итибар қаратты. Жасыүлкен журналистлердиң мийнетлерин мүнәсип түрде баҳалап, жас қәнигелерге журналистика бойынша өзиниң бай ис тәжирийбесин үйретип барды. Нәтийжеде, «Жеткиншек» газетасының мазмуны ҳәм көркемлиги безелиўи заман талабына сай бейимлесип, оның жылдан-жылға оқыўшылары артып, тиражы көбейип барды. Газетаның жас белсенди жәмийетлик хабаршылары арасынан Зульфия  атындағы мәмлекетлик сыйлықты алған дөретиўши қызлар өсип жетилисти. «Жеткиншек»тиң жуўаплы хаткери Дарийха Үббиниязова «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» ҳүрметли атағына, бир қатар журналистлер республикалық таңлаўлардың жеңимпазларына айланды.

Бирақ, республикамызға өзиниң шебер шөлкемлестириўшилиги менен танылып киятырған Абдулла Ембергенов өзиниң алдына қойған мақсетлерине енди жеттим бе сүрникти…

Лекин, илаж қанша… Жазмышына жазылғаны усы шығар.

Деген менен халқымыз арасында «Шайырдың хаты, батырдың даңқы өлмейди» дегениндей Абдулла Ембергенов арамызда болмағаны менен, оның бүгинги әўладларға үлги боларлық әжайып ислери мийрас болып қалды. Оны республикамыз журналистлери, бирге оқыған дослары, таярлаған шәкиртлери ҳеш қашан ядынан шығармайды.

Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Абдулла Ембергеновтың туўылғанының 50 жыллығы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.

Оған республикамызға белгили журналист-жазыўшылар, илимпазлар,  университет студентлери, мектепте, университетте оқытқан устазлары, қатар дослары ҳәм кәсиплеслери қатнасты.

Кешени Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Баҳамдулла Нурабуллаев ашты ҳәм басқарып барды.

Онда Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Кеңесбай Реймов, «Қорақалпоғистон тонги» газетасы бас редакторы Н.Матякубова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналистлер Есенбай Ерманов, Абдулла Ҳабийпов, Өмирбай Өтеўлиев, Идирис Қосназаров, Дарийха Үббиниязова, устазы филология илимлериниң докторы Тамара Машарипова, «Еркин Қарақалпақстан» газетасы жуўаплы хаткери Сағындық Жаниев, «Жеткиншек» газетасының бас редакторы Зухра Исакова, кәсиплеси Фархад Ибадуллаев, мектепте оқытқан муғаллими Турсынбай Жумамуратов ҳәм бир қатар дослары шығып сөйлеп, Абдулла Ембергеновтың басып өткен өмири, дөретиўшилиги ҳәм әжайып адамгершилик пазыйлетлери ҳаққында кең түрде айтып, оны ҳүрмет пенен еске алды.






Илаж соңында А. Ембергеновтың қыз апасы Тынышгүл Ембергенова ҳәм өмирлик жолдасы Маржангүл Абдикаримовалар шығып сөйлеп, кешени шөлкемлестирген Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, «Жеткиншек», «Еркин Қарақалпақстан» газеталары мийнет жәмәәти ҳәм бирге оқыған досларына өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Кеше Абдулла Ембергеновтың өмири ҳәм журналистлик жумысы тийкарында таярланған видеоролик пенен оғада тәсирли өтти.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы