Марқабай Жийемуратовтың туўылғанына 80 жыл
3.«Айдынлар» қосығы қалай дөрелди?
«Айдынлар».
Қосықтың текстиниң авторы Әденбай Тәжимуратов. Ол қарақалпақ халық қосықларын жыйнаған, баспадан шығарған ҳәм усы темада кандидатлық диссертация жақлаған еди. Қосықтың поэтикасы қарақалпақ халық қосықларының дәстүринде, бастан ақырына теңдей 11 буўын менен жеңил жазылған.
Қосықтың музыкасы қалай туўылған? Маған Марқабайдың өмирлик жолдасы Нәбийраның айтыўы бойынша қосықтың музыкасы ойламаған жерде туўылған. Марқабай Мойнаққа концерт группасы менен бир ушырасыўға барады. Концерттен соң районлық китапханаға келеди. Марқабай китапханада отырып, китап полкасында турған Ә.Тәжимуратовтың қосықлар топламын көреди. Ол китапты алып бетлерин ашқанда усы «Айдынлар» қосығына көзи түседи. Композиторлар қосықтың музыкалық жағына кеўил бөлип оқыйды ғой. Марқабай қосықты оқыса, сол ўақытта қосықтың намасы ырғатылып өзинен өзи туўыла баслайды. Марқабай сол жерде отырып қосықтың текстин жазып алады. Мине усылай күтилмеген жерде «Айдынлар» қосығының музыкасы туўылады.
Марқабай лирик композитор, ол көбинесе муҳаббат қосықларына нама шығарған. «Излеймен», «Сәўер ярдың жилўасы бар», «Кегейлиден суў алған қыз», «Көзлериң», «Сен күлимлеп қарасаң жаным», «Бир қара», «Келип кет ярым», «Сағыныш», «Аўылыңа келсем асыға», «Кегейлиде бир назәлим бар десе», «Сени сағынаман атқан таңларда», «Лалазарда қосық айтар мениң сәўдигим» (сөзи де намасы да Марқабайдики), «Саған асығаман», тағы басқа. Ол Ўатан, ел-журт, дослық ҳаққындағы қосықларға да намалар жазды. Мысалы, «Қарақалпақстан», «Өзбекстаным бар мениң», «Мақтанышым Өзбекстаным», «Қарақалпақстанымда», «Халқым бахты – мениң бахтым», «Тынышлық қосығы», «Мақтанышым Қарақалпақстаным», «Қоңырат», «Бес төбениң таўларында», «Ақ пахта» тағы басқалар. Ол намаға қолайлы қосықты излемеген, ол қосықтың мазмунына айрықша кеўил бөлген. Оның намасын жазған қосықлардың барлығының мазмуны терең, адамға руўхый жақтан ләззет беретуғын қосықлар. Оның нама қосықларының өзи 150 ге жақын. Оның намаларына түскен қосықлар жаңа өмирге қәдем таслағандай болады және халықтың сүйикли қосығына айналып кетеди.
Марқабай 1943-жылы 28-мартта Қараөзек районының «Қаршығалы» деген жеринде туўылған. Ол аўыллық сегиз жыллық орта мектепти питкерип Қараөзек районының орайындағы Гагарин атындағы орта мектепке келип оқыйды. Ол мектепте оқып жүргенинде Нөкис музыкалық-хореография училищесиниң ашылғанын еситип Нөкиске келеди. Оны сырлы музыка дүньясы усы училищеге қарай жетелейди. Оның таланты конкурс комиссиясының дыққатын бөледи, устазлары оны бирден үчилищеге қабыл етеди. Училищени питкерген соң ол музыкадан терең билим алыў ушын 1967-жылы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының композиция факультетине оқыўға түседи ҳәм усы факультет пенен қоса симфониялық оркестр дирижёрлығы курсын да бирге қосып оқып тамамлайды, дирижёр қәнигелигин қоса алады. Ол консерваторияны питкерген соң мийнет жолын сол ўақыттағы К.С.Станиславский атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы драма театрында дирижёр жәрдемшиси болып ислеўден баслайды. ҚР мәмлекетлик телерадиокомитетиниң халық сазлары оркестринде жәрдемши дирижёр болып ислейди.
Буннан соң ТЮЗ да музыка бөлиминиң баслығы, телерадиода концерт режиссёры, 2-санлы балалар көркем өнер мектебиниң директоры, НМПИ аға оқытыўшысы болып иследи.
Ол жән-жақлама талант ийеси еди, оның талантының шегарасы кең еди. Ол өзиниң заманласлары, кәсиплеслери ҳаққында еске түсириўлер, творчестволық портретлер, симфониялық поэмалар, балет, музыкалық пьесалар, романслар жазды. Ол 1973-жылы «Ерназар Алакөз» атлы симфониялық поэмасын жазды ҳәм бул симфония Ташкенттеги «Баҳор» концерт залында атқарылды.
1974-жылы «Макария сулыў» балетин жазды. Усы балет пенен консерваторияны 1975-жылы пикерип шықты. Ол П.Тилегеновтың «Дуўтарлы солдат» музыкалы драмасына музыка жазды. 2011-жылы «Айдынлар», 2013-жылы «Ерназар алакөз» атлы китаплары, балалар ҳәм көркем өнер мектеплери ушын фортепианалық пьесалар, романс, хор ҳәм қосықлары, 65 тен аслам өзи нотасын жазған қосықлары тексти менен баспадан шықты.
Марқабай жоқары адамгершиликли, кеўили сүттей таза, ақ кеўил, ҳадал достын басына көтерип сыйлап билетуғын инсан еди. Ол натуўрылықты көрсе жән-тәни менен оған қарсы турып гүресе алатуғын, надурыс қатнас жасасаң баладай тас-талқаны шығып ашыўланатуғын еди, ол тек ғана ҳадаллықтың, руўхый тазалықтың тәрептары болды. Оның қосықларының көпшилигин Даўытбай Қайыпов атқарды. Даўытбайдың теңиз толқынындай толқынланып келген даўысы усы Марқабайдың қосықларына туўра келетуғын еди. Ол Даўытбай Қайыповтың естелигине оның творчествосын мәңгилестириў мақсетинде «Даўытбай Қайыпов», Д.Қайыпов ҳәм З.Хожаназарова ҳаққында «Аққан жулдызлар», «Даўытбай – қарақалпақ миллетиниң мақтанышы» атлы китабын баспадан шығарды. Ол 2020-жылы 9-февральда мезгилсиз қайтыс болды.
Марқабай Жийемуратов қарақалпақ халқының әжайып перзентлериниң бири. Оның музыкаларын халқымыз сүйип тыңлайды, жүрегиниң төринен орын берди, оның намалары халқымыздың руўхын көтерди, эстетикалық дүньясын байытты. Оның естелигин халқымыз алтын сыя менен өз тарийхына жазып қәдирлейди деп ойлайман.
Сарыгүл Баҳадырова,
филология илимлериниң докторы, профессор,
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги