Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Сурхандǝрья ўәлаятына сапары ўақтында мүбǝрек Рамазан айында аймақлардағы  жǝрдемге мүтǝж шаңарақ ағзаларының ҳалынан хабар алыў, олардың кеўиллерин шад етиў, дастурхан жайып ифтарлық шѳлкемлестириў бойынша кѳрсетпелер берген еди.

Усы тапсырмадан келип шығып, Нөкис районында Рамазан айында районның 1-сектор аймағына қараслы Қырантаў аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген пуқаралар, нураный ата-аналарға ифтарлық дәстурханы жайылды. Илажға район ҳәкими О.Уснатдинов, сектор басшылары, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси, район имам-хатиблери ҳәм баска да тийисли тараў хызметкерлери қатнасты.








Онда шығып сөйлеўшилер бәршени мүбәрек Рамазан айы менен қүтлықлап, имам-хатиблер тәрепинен бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейилликти беккемлеў ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық ислери  алып барылып атырғанлығын атап өтти. Елимиздиң абаданлығы, тынышлығы ушын дуўалар қылынды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислер ушын Президентимизге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы