Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-март күни Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Шинжан-Уйғыр автоном районы Компартиясы Партия комитетиниң хаткери Ма Синжуй басшылығындағы ҚХР делегациясы менен өткерген ушырасыўда Өзбекстан аймақлары ҳәм ШУАР арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан аймақларында Қытайдың жетекши компанияларының қатнасыўында қайта тиклениўши энергетика, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, санаат парклери ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин шөлкемлестириў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери дыққат орайында болды.

Ушырасыў алдында Ма Синжуй ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерип Қытай басшысы лаўазымына қайта сайланғаны мүнәсибети менен жолланған қызғын қутлықлаўлар ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда 2022-жыл сентябрь айында Самарқанд қаласында болып өткен ҳәм Өзбекстан – Қытай ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында жаңа дәўирди баслап берген тарийхый саммиттиң табыслы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

«Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай» темир жолын қурыў жойбарын жеделлестириўде еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Ташкент, Самарқанд ҳәм басқа да ўәлаятларымыздың Шинжан-Уйғыр автоном районы менен, соның ишинде, саўда, логистика, медицина, аўыл хожалығы, туризм ҳәм билимлендириў тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ушын имканиятлар бар екенлиги айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара сөйлесиўди ҳәм пикир алысыўды жеделлестириў, сапар ҳәм бизнес форумларын шөлкемлестириў, баслы жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша айрықша «жол картасы»н қабыл етиў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА