29-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, академик Иброҳим Абдураҳмонов Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда министр соңғы жылларда елимизде жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелери, билимлендириў процесин сапа жағынан жоқары дәрежеге көтериў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларға кең түрде тоқталып өтти.
Бүгинги күнде ҳәр бир жоқары оқыў орнында дүньяның жетекши билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған алдынғы педагогикалық технологиялар, оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық материалларды кең түрде енгизиў, теория менен әмелияттың, илимий-изертлеў менен өндиристиң бирлигин тәмийинлеў, заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар менен тәмийинлеў, жоқары оқыў орынларының илимий потенциалын беккемлеў, профессор-оқытыўшылардың илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, қәбилетли студентлерди бул процесске кеңнен тартыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, оқыў ҳәм илимий-лабораториялық имаратлар ҳәм корпуслары, спорт комплекслери, студентлер турақ жайлары сыяқлы инфраструктуралық объектлерди қурыў бағдарында исленип атырған жумыслар айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда қарақалпақстанлы илимпазлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмоновқа тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды буннан былай да жетилистириў, жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы пикир-усынысларын билдирди.
Атап айтқанда, барлық жоқары оқыў орынларында жас шайыр, жазыўшы, драматург сыяқлы дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жас дөретиўшилер» клубын шөлкемлестириў, олардың дөретиўшилик үлгилерин министрлик қаржылары есабынан баспада жәриялаў, аралықтан оқытыўды жетилистириў мақсетинде жаңа платформа ислеп шығыў, сүўретлеў өнерине қәбилетли жаслардың ҳәм белгили художниклердиң жумысларынан ибарат галереялар шөлкемлестириў, «Универсиада» спорт ойынлары қатарына паралимпия ойынларын киргизиў, студентлердиң сырт еллердеги ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орынларына академиялық мобильлик тийкарында алмасыўларын жолға қойыў, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлардың илимий журналларында қарақалпақ тилинде де мақалаларды жәриялаў имканиятын жаратып бериў, сондай-ақ, жаслар өзлериниң стартап ҳәм инновациялық жойбарларын министрлик тәрепинен қоллап-қуўатланыўы бойынша усыныслар билдирилди.
Министр Иброҳим Абдураҳмонов билдирилген усыныслар ҳәм көтерилген мәселелерди бирме-бир тыңлап, олардың унамлы шешилиўи ҳәм қоллап-қуўатланатуғынлығын айрықша атап өтти ҳәм жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
Ушырасыў өз ара пикир алмасыў ҳәм ашық сәўбетлесиў тәризинде даўам етти.
Ушырасыўға Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары С.Бузрукхонов ҳәм министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Н.Каюпов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги