Ҳәзирги ўақытта орынларда жаңаланып атырған Конституция бойынша усы жыл 30-апрель күни елимиз бойлап өткерилиўи белгиленген улыўма халықлық референдум алдынан тийисли тараў қәнигелери ҳәм депутатлардың қатнасыўында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлесиўлери ҳәм басқа да үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Шоманай районлық медицина бирлеспесинде де усы мақсетте тараў қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Қалбай Наўрызов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, аналар ҳәм балалар өлимин, жуқпалы кеселликлерди сапластырыўда әҳмийетли илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтип, Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмун-мәниси ҳәм референдум ҳаққында түсиниклер берилди.

Быйыл «Кепилленген хызметлер пакети» қайта көрип шығылып,  онда 20 түрдеги кеселлик бойынша диагностика,  емлеў ҳәм профилактика хызметлери көлеми толық қамтып алынады. Көп ушырасатуғын 20 түрдеги кеселлик бойынша басланғыш буўындағы бийпул анализ түрлери – 15 тен 25 ке,  тексериўлер – 10 нан 20 ға шекем,  дәрилер – 64 тен 90 ға арттырылады.

Депутат усы пикирлерди билдирип,  халықтың кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы да Конституция жойбарына киргизилгени ҳәм де жойбарда халықтың саламатлығын қорғаў менен байланыслы нормалар 4 есе көбейгенин атап өтти.

Ушырасыўда қатнасқанлар Конституцияға киргизилип атырған өзгерислерди қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирип, референдум ҳаққында қызықтырған сораўларына жуўап алды.


 

Қарақалпақстан хабар агентлиги