Шымбай районында жаңарыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз байрамы алдында жаңа Амфитеатрдың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы ҳәм жаңа Амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.


Жаңадан бой тиклеген, район көркине өзгеше шырай бағышлап турған 1 мың 400 орынлық заманагөй Амфитеатр қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан 5.5 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалды. Қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған Амфитеатр узақ жыллар даўамында халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди буннан быйла да раўажландырыўға хызмет етеди.




Атап өтилгениндей, Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапарында берилген тапсырмалар тийкарында Шымбай районында 4 социаллық тараў объектте дерлик 15 миллиард сумлық, 14,8 километр ишимлик суў тармағын жақсылаўға 2,9 миллиард сумлық, 30,7 кмилометр ишки жолларда 7,3 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды. Усының есабынан районлық медицина бирлеспеси, “Жаслар орайы”, Маденият үйи имаратларында, футбол стадионында, “Жаслар аллеясы”нда, ”Ҳәсиретли ана” естелигинде ҳәм басқа да бир қатар объектлерде кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Тыныш турмыс тәризиниң символы есапланған Курант сааты иске түсти. Бул әмелге асырылған жумыслардың барлығы Шымбай районы халқының турмыс абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған.

Амфитеатрдың ашылыў мәресими Наўрыз байрамына жалғасып, көтериңки рухта даўам етти. Саўлатлы Амфитеатр имаратының алдында ҳәр бир халықтың миллийлигин сәўлелендирген тағамлар, буйымлар ҳәм кийим-кеншеклер көргизбеси мийманлар нәзерине усынылды. Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасыне жыйналғанлар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги