Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрк басшылығындағы делегация Олий Мажлис Сенатына барды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева делегация менен ушырасыўда мәмлекетимизде өткерилип атырған конституциялық реформалар менен байланыслы әҳмийетли сиясий-ҳуқықый процесслерге тоқтап өтти.

Жаңа басылымдағы Конституция жойбары еки басқышта халықтың пикир-усынысларын үйренген ҳалда халықтың барлық қатламлары, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында улыўма халықлық додалаў арқалы таярланды.

Конституциялық нызам жойбарының улыўма халықлық додалаўы ўақтында жәми 220 мыңнан артық усыныс келип түскени, ҳәр төртинши усыныс жойбарда өз көринисин тапқаны, әҳмийетлиси, жаңаланған Конституцияның тийкарғы бөлимин мине, усы инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы нормалар қурағаны атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша реже ҳәм шәртнамалық уйымлары арқалы мәмлекетлердиң халықаралық миннетлемелерин орынлаўда парламенттиң ролин арттырыў мәселелери бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылды.

Танзила Норбоева БМШ ҳәм оның қәнигелескен структуралары менен бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери әҳмийетли орын ийелейтуғыны, атап айтқанда, БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссарының басқармасы менен конструктивлик байланысларды және де кеңейтиў, атап айтқанда, парламент ағзаларының инсан ҳуқықлары тараўындағы потенциалын күшейтиўге қаратылған өз-ара сөйлесиўдиң пайдалы екенин атап өтти.

Фолькер Тюрк Өзбекстанда гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында ерисилген нәтийжелерди ҳәм ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған илажларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Жоқарғы комиссар Өзбекстанның келиспеўшиликлер жүз берген зоналардан ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қайтарыў, оларды жәмийетке реинтеграциялаў бағдарындағы ҳәрекетлерине жоқары баҳа берип, бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар көплеген мәмлекетлер ушын үлги екенин атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы ролин күшейтиў, социаллық-инклюзивлик орталық ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Конструктивлик ҳәм әмелий руўхта болып өткен ушырасыў соңында жәмийетте инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў механизмлерин иске қосыўға қаратылған бирге ислеиўди және де күшейтиўге келисип алынды.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы