Халқымыздың  сүйикли перзенти, уллы шайырымыз Ибрайым Юсупов қарақалпақ әдебиятында өшпес из қалдырған бул уллы инсан. Әдебият майданына қәдем таслаған ҳәр бир дөретиўши И.Юсуповты өзине ғайбана устаз тутып, оның халықшыл поэзиясынан таўсылмас руўхый илҳам-йош алады.

Шымбай районы жас дөретиўшилериниң де И.Юсупов поэзиясына деген қызығыўшылық оғада күшли. Жақында район аймағындағы мектеплерде билим алып атырған талантлы оқыўшылардың  «Ибрайым Юсуповтың избасарлары» деп атапты.

Кеше Шымбай районындағы Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы қәнигелестирилген мектебинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайының қәўендерлиги тийкарында Орайдың Шымбай районлық бөлими басламасы менен шығарылған, райондағы дөретиўши оқыўшы жасларымыздың «Ибрайым Юсуповтың избасарлары»  қосықлар ҳәм гүрриңлер топламын таныстырыў кешеси болып өтти.

Илажды Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлиминиң баслығы Қ.Мамбеткаримов басқарып барды.

Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық  орайы Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси П.Жумамуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң таяныш докторанты А.Сатбаев, «Ибрайым Юсупов үй музейи»ниң шөлкемлестириўшиси И.Жарекеев,  районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Э.Мамбеткаримова,  талантлы шайыр Н.Жангелдиев,  Мәлимлеме-китапхана орайының бөлим баслығы Т.Абатовалар  бул топламлардың  баспадан шығыўы менен қутлықлап, ондағы дөретпелер бойынша өзлериниң баҳалы пикир-усынысларын билдирди.


Буннан соң илажда барлық дөретиўши оқыўшылар, үгит-нәсиятшылар ҳәм мийманларға китаплар саўға етилди.



Илаж соңында оқыўшылар өзлериниң миннетдаршылығын билдирип, китаптан орын алған қосықларынан үзиндилер оқыды.

-Мениң «Жаслар қолында» атлы қосығым бул китапта орын алғанынан оғада қуўанышлыман,-дейди 36-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Арзайым Дәўлетбаева.-Бул китап  өзиме деген исенимди пайда етти. Алдағы ўақытлары өз үстимде оқып,  жаңа дөретпелер дөрете беремен.

Мағлыўмат ушын, бул китапта 44 оқыўшының 119 қосық ҳәм гүрриңлери орын алған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы