Нөкис қаласы орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды узатып салыў, “Ўатан таянышы” ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықларды тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери,  ата-аналар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын өтеў ушын кетип баратырғаны, “Ўатан таянышы” ҳәрекетиниң ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлардың тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиз – Қураллы КүшлерЖоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерий хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усындай көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.

Президентимиздиң 2022-жыл 2-марттағы “Ўатан таянышы”  балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-Ўатанды сүйиўшилик ҳәрекетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген “Ўатан таянышы” балалар ҳәм жас өспиримлер ҳәрекети де жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын тутпақта. Бүгинги күнде Қарақалпақстанда жәми 10 мың 714 жастан ибарат 693 отряд дүзилген.

Илажда Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районындағы ең белсенди болған төрт “Ўатан таянышы” отряды ағзаларына арнаўлы көкирек белгиси ҳәм гүўалықлар салтанатлы түрде тапсырылды. Жыйналғанлардың нәзерине көркем өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

Әскерий оркестр намалары астында  жасларға ҳақ жол тилеп, Ўатанды қорғаўға узатып салынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги