Киевте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Атнониу Гутерриш ҳәм Украина Президенти Владимир Зеленскийдиң ушырасыўы болып өтти, деп хабар берди «DW» агентлиги.

Жетекшилер 18-марттан кейин «дән келисими»н созыў зәрүр екенлиги ҳаққында келисип алынды. Олар келисимди «дүнья ушын да әҳмийетли», деп атап өтти.

Келисим БМШ, Түркия, Россия ҳәм Украина арасындағы келисим болып, ол 2022-жыл июль айында қабыл етилген. Бул келисимниң әмел етиў мүддети 18-март күни тамамланады.

«Украина ҳәм Россия азық-аўқат өнимлери ҳәм минерал төгинлердиң экспорты олардың глобал қәўипсизлиги ҳәм баҳаларының артыўының алдын алыўға хызмет етеди», деди Гутерриш.

Бас хаткер халықаралық шөлкем «БМШ Режеси, халықаралық ҳуқық ҳәм жақында БМШ Ассамблеяның келиспеўшилик басланғанының бир жыллығы мүнәсибети менен қабыл етилген резолюциясы тийкарында әдил тынышлыққа ерисиў ушын пүткил ҳәрекетлерди әмелге асырады», деди.

«БМШ Украинадағы миллионлаған адамларға зәрүр гуманитарлық жәрдемди жеткерип бериў жумысын даўам еттиреди», деп исендирди.

ӨзА