3-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей жарытып барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни сенаторлар дәслеп «Энергия ресурсларынан нызамға қайшы түрде пайдаланғаны ушын жуўапкершилик күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын сапластырыў ҳәм тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газ ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға қарамастан ҳәзирги күнде энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў менен байланыслы нызамбузыўшылықлар салмағы артып бармақта.
Атап айтқанда, Бас прокуратура тәрепинен 2022-жыл ҳәм усы жылдың өткен дәўири бойынша электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жағдайлары бойынша 433 жынаят иси қозғатылған. Бул жынаятлар ақыбетинде мәмлекет мәплерине 368,1 миллиард сум муғдарда материаллық зыян жеткерилген.
Сондай-ақ, суў тәмийнаты тармақларына 1 624 нызамсыз жалғаныўлар анықланып, нызамбузыўшылықларға жол қойған шахслардан 7 миллиард 144 миллион сумлық қосымша төлемлер өндирилген.
Әмелдеги Жынаят кодексинде белгиленген энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны ушын жуўапкершилик илажларының жетерли емеслиги бундай жынаят ислеп, мәмлекетке үлкен муғдарда зыян жеткерген шахсларға ҳәзирги күнде тийисли илажлар көриў имканиятын бермей атыр.
Сол себепли энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў, бул бағдардағы ўәкилликли уйымлардың көрсетпелерин орынламаў жағдайлары ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў зәрүрлигиниң пайда болғаны айрықша атап өтилди.
Бул нызам жоқарыдағы машқалаларды сапластырыў менен бирге энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып есапланады.
Атап айтқанда, улыўма пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ ямаса водопровод тармақларына коммерциялық мақсетлерде өзбасымшалық пенен жалғаныў ямаса хызметкерлери менен тил бириктирип, жүз берген жынаят жағдайлары ендигиден былай урлық жынаяты деп баҳаланыўы нәзерде тутылмақта.
Соның менен бирге, Жынаят кодексине «коммерциялық мақсет» түсиниги киргизилип, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң белгили бир жумысында пайда, дәрамат алыўға қаратылған мақсет екенлиги белгиленбекте.
Энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны ушын нәзерде тутылған жынаятларға байланыслы ислер бойынша тергеў ҳәрекетлери прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылыўы нызам менен белгиленбекте.
Тараўда мәмлекетлик қадағалаўды толық тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде Өзэнергоинспекция тәрепинен берилген жазба көрсетпе ҳәм усыныс хатларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти көрип шығыў ўәкиллиги судларға берилиўи додалаў орайында болды.
Сондай-ақ, сенаторлар электр энергиясы ҳәм газден пайдаланыў қағыйдаларына әмел етпеў жағдайларын жеделлик пенен сапластырыў мәселелерине байланыслы ўәкилликлер судлардан Өзэнергоинспекция ҳәм оның аймақлық басқармаларына өткерилип атырғанлығына айрықша итибар қаратты.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, жалпы мәжилисте Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайы директорының Өзбекстан Республикасының инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелериниң орынланыўы жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.
Додалаў процесинде сенаторлар мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ҳәрекетлери себепли 2022-жылы Өзбекстан халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде, соның ишинде, нызам үстинлиги, ҳүкимет жумысының нәтийжелилиги, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлиги, жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүрес бағдарларында өз орнын жақсылаў бойынша салмақлы жетискенликлерге ерискенин айрықша атап өтти.
Жаңадан қабыл етилген Мийнет кодексинде мийнет қатнасықларын инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларға муўапық ҳуқықый тәртипке салыў тийкарлары жетилистирилди.
БМШ структураларының усынысларын инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Онда мәмлекетимиз халқының турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де күшейтиўге қаратылған илажлардың избе-излиги, жетилистириў бағдарлары белгилеп алынды.
2022-жылы пахтадан таяр өним ислеп шығарыўшы ҳәм саўдасы менен шуғылланыўшы компанияларды бирлестириўши «C9559n Campa8gn» коалициясы Өзбекстанда мәжбүрий ҳәм балалар мийнетин толық сапластырылғанын атап өтти ҳәм өзбек пахтасына қойылған қадағалаўды бийкар етти.
Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларға муўапықластырыў илажлары шеңберинде Халықараық мийнет шөлкеминиң «Қурылыста қәўипсизлик ҳәм мийнет гигиенасы ҳаққында»ғы 167-санлы конвенциясы ратификацияланды.
Соның менен бирге, сенаторлар өз үйрениўлери тийкарында инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларды нәтийжели қолланыўға байланыслы бир қатар машқалаларды белгилеп берди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий стратегиясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»нда белгиленген 8 нызам жойбары өз мүддетинде ислеп шығылмай атырғаны сенаторларды тәшўишке салды.
БМШтың Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының орынланыўын мониторинг етиў нәтийжесинде сенаторлар тәрепинен социаллық инфраструктура объектлери майыплығы болған шахслар пайдаланыўы ушын жетерли дәрежеде бейимлестирилмегенлиги анықланды.
Ҳәр тәреплеме додалаў ўақтында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилип, онда Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте жумыс алып барыў белгилеп алынды.
Олий Мажлис Сенатының отыз жетинши жапы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 12 мәселе, соның ишинде, 9 нызам көрип шығылды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети