Елимиз аймақларында ҳәким жәрдемшилериниң де жумыс баслағанына бир жылдан аслам ўақыт өтти. Усы өткен дәўир ишинде пуқаралар жыйыны аймақларында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен қандай жумыслар исленди? Жәмийетимиз ушын қызықлы болған бул сораўға жуўап табыў мақсетинде, Кегейли районындағы Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынында болып усы аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Генжебай Қайыповтың алып барып атырған жумыслары менен таныстық.
-Жыйын аймағында 559 шаңарақ болып, онда 2742 адам жасайды,-дейди Генжебай Қайыпов.-Ҳәким жәрдемшиси сыпатында жумыс баслағаннан соң мен үйме-үй жүрип олардың жасаў жағдайлары менен таныстым ҳәм оларды 4 топарға бөлдим. Соның ишинде 1-топарға шаңарағына аз дәрамат киретуғын 128, 2-топарға шаңарағына дәрамат киретуғын, еле де дәрамат табыўға қызығатуғын 273, 3-топарға шаңарағында физикалық имканияты шекленген , жалғыз жасаўшы 11, 4-топарға экономикалық жағдайы жақсы 147 шаңарақ киргизилди ҳәм усы көрсеткишлер тийкарында жумыслар исленди. Атап айтатуғын болсам, коммерциялық банклер тәрепинен 59 пуқараға 1 млрд 846 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер алып берилип, олардың исбилерменлик пенен шуғылланыўына имканиятлар жаратылды. Жумыссыз пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўи ушын субсидия тийкарында бес шаңараққа ыссыхана, 12 шаңараққа жер асты суўы менен тәмийинлеўши кранлар қурылып, бес пуқараға тигиў машиналары тапсырылды. Сондай-ақ, аймақта пал ҳәррешилиги, қусшылық, қояншылықты раўажландырыў мақсетинде 15 пуқараға 30 пал ҳәрреси уясы, еки шаңараққа 20 қоян, 3 шаңараққа түйетаўық шөжелери тарқатылды. 12 шаңараққа болса, биогомус таярлаў ушын калифорния қурты алып берилди. Нәтийжеде 123 пуқараның дәрамат дәрегине ийе болыўына ерисилди. Буннан басқа да 127 жумыссыз пуқаралар турақлы жумыс орынларына орналастырылып, 61 пуқара моно орайға кәсипке қайта оқыў ушын жиберилди. Жаңадан 12 халыққа хызмет көрсетиў орынлары ашылып, 12 пуқараға 10 жыллық шәртнама тийкарында 7,7 гектар егислик жер ажыратып берилди.
Аймақ турғыны Нурсултан Агибаев та усындай имканияттан пайдаланып киятырған жаслардың бири. Ол ҳәким жәрдемшиси Генжебай Қайыповтың усынысы тийкарында банктен 16 млн сумлық жеңилликли кредит алып, өз үйи жанында ыдыс-табақ жуўатуғын «Нур-ай» атлы гель ислеп шығармақта.
-Ҳәзирги күнлери өнимлеримизди Шымбай, Кегейли, Халқабад, Нөкис базарларына шығарып сатып атырмыз,-дейди Нурсултан.-Алдағы ўақытлары өним түрлерин көбейтиў ҳәм усы арқалы турақлы қарыйдарлар санын көбейтиўди мақсет еткенбиз.
Усындай жумыслар менен бир қатарда өткен жылы аймақта көплеген қурылыс абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған. Атап айтатуғын болсақ, аймақта жайласқан 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 4860,0 млн сумлық реконструкция жумыслары, Т.Наўрызбаев көшесине қум шағыл-тас араласпасы төселип, Олимпия көшесин асфальтлаў жумыслары алып барылған. Мәкан пуқаралар жыйынының имараты болса, жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы «2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, усы жыйын аймағында жайласқан Халық билимлендириў бөлими, Жаслар орайы имаратлары жаңадан қурылып, медицина бирлеспеси имаратына реконструкция жумыслары алып барылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги 408-санлы қарары тийкарында Улуғбек ҳәм А. Пирназаров көшелерине оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Нурлы бостан мәкан пуқаралар жыйынына Әндижан ўәлаятының Пахтаабад районы қәўендер сыпатында бекитилген болып, Кегейли районы ҳәкимлиги менен биргеликте мәҳәллениң ҳәр тәреплеме раўажланыўы ҳәм инфраструктурасын жақсылаў бойынша бир қанша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Е.Бердимбетов, С.Досымбетов, А.Пирназаров көшелерине оңлаў жумыслары жүргизилип, көше ҳәм қыябанларға 4800 ден аслам саяманлы ҳәм мийўе терек нәллери егилди. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын 8 тигиў машинасы алып келинип, 2 орында гөззаллық салоны иске түсти. Кем тәмийинленген 3 шаңарақтың үйлерине оңлаў жумыслары алып барылды ҳәм бир пуқараның үйи жаңадан салып берилмекте. Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде ойын майданшалары қурылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, бундай унамлы ислер халықтың кеўил-кейпиятын көтерип, оларды жаңа дөретиўшилик ислерге қарай умтылдырады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы