Бүгин елимизде халықты турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў ҳәм сол арқалы шаңарақлардың абадан турмыста жасаўына ерисиў ең әҳмийетли мәселелердиң бирине айланып, бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Кегейли районының Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағында өткен жылдың декабрь айында өз жумысын баслаған «Kegeyli Tex-Group» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен исленип атырған жумыслары мақтаўға ылайық.

Кәрханада ҳәзирги күнлери 300 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленип, қарыйдарлардың талабына сай товарлар ислеп шығармақта.








-Әндижан ўәлаяты ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўи менен Кегейли районында өндиристи раўажландырыў ҳәм жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде усы кәрхана ашылды,-дейди бизге жәмийеттиң кадрлар бөлими баслығы Муроджон Хошимжанов.-Ең дәслеп 30 қәнигени Әндижанда жайласқан «Khantex Group»  кәрханасында 1 ай даўамында оқытып, олардың ис-тәжирийбесин арттырдық. Бул қәнигелер болса Кегейлиге келип өз кәсиплеслерине Италия ҳәм Түркияда ислеп шығарылған заманагөй тигиў-пишиў үскенлеринде ислеўди үйретпекте. Нәтийжеси жаман емес. Бүгинги күни кәрханамызда таярланған өнимлер Россия Федерациясына экспорт етилмекте.

Шынында да кәрханада жумыс ислеп атырған қыз-жигитлерге нәзер салар екенбиз, олардың кеўил-кейпияты ҳәм жумысқа деген умтылысларының жоқары дәрежеде екенлигине көзиңиз түседи.

-2019-жылы Кегейлидеги қурылыс кәсип-өнер колледжин тамамлап, үйде жумыссыз отырған едим,-дейди усындай жаслардың бири Жансая Тажибаева.- Өзим тийкарынан тигиўшиликке қызыққанлықтан усы жерге жумысқа орналастым. Ҳәзир буйыртпа тийкарында футболкалар тигип атырмыз. Кәрханамызда бизлердиң өнимли жумыс ислеўимиз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Жумыс ислеў ушын арнаўлы кийим ҳәм түски пайыт ыссы аўқат пенен тәмийинленгенбиз. Мийнет ҳақыларымыз да өз ўақтында берилмекте.

-Ҳәзир жаңадан жумысқа кирген хызметкерлер 3 ай сынақ мүддети менен жумысқа алынып, оларға салықтан тысқары 1млн 280 мың сумнан мийнет ҳақы төленбекте.-дейди Муроджон Ҳошимжонов.-Егер, қәниге усы сынақлардан жақсы өтсе оның разряды жоқарылап, олардың айлықлары көбейип барады.

Ҳақыйқатында да «өнерлиниң қолы алтын»-дегениндей уқыплы ҳәм шебер инсанлардың мийнетлери жоқары баҳаланады. Сонлықтан, бүгинги жасларымыз көбирек өнер үйрениў ҳәм ҳәзирги заман технологияларын жетик меңгериў ушын өз үстинде  изленип, мийнет етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы